Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев зәрүр жағдайда Россия менен Украинаның келисип алыўы ушын майданша ажыратыўға таяр екенин айтты, деп хабарламақта РИА новости. Минск келисимлери «қағазда қалып кетти», Украина территориясындағы урыстың басланыўына сол себепши болды, деп есаплайды ол. «Биз еки тәрепти стол әтирапына отырып, келисимге келиўге шақырып каламыз. Басқа жол жоқ. «Бир күн урыс болған жерден қырық күн берекет кетеди». Тынышлықсыз раўажланыў болмайды», – деди Тоқаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги