Ҳәр қыйлы байрамларда устазлардың жағдайларынан хабар алыў ҳәм ҳүрмет көрсетиў билимлендириў тараўында үрдиске айланған. Ал, устаз муғаллимлердиң юбилей сәнелеринде болса, олардың өмирин ҳәм мийнет жолын жасларға үлги етип көрсетиў мақсетиндеги байрам кешелерин шөлкемлестириў де мектеплердеги жақсы дәстүрлердиң бири болып қалмақта.

Себеби, ҳәр бир адамның кәмил инсан болып жетилисиўинде устазлардың орны айрықша болғанлығы ушын да, барлық еллерде ҳәм барлық халықларда ҳәр бир инсан өз устазын атасындай сыйлап, ҳүрмет көрсетеди.

Нөкис қалалық 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде халық билимлендириў тараўының ветераны, Өзбекстан халық муғаллими Рысгүл Уснадинованың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен кеше шөлкемлестирилди.

Кешеде оның менен бирге ислескен заманласлары, шәкиртлери шығып сөйлеп, ветеран устаздың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында мағлыўматлар берип, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, Рысгүл Уснадинова  1942-жылы 1-март күни Нөкис қаласында туўылған. 1964-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлағаннан баслап, 2004-жылға шекемги аралықта халық билимлендириў тараўында аянбай хызмет етти. Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты және тарийх пәни муғаллими, мектеп директорының орынбасары, директоры ҳәм басқа да жумысларда ислеп, жасларға билим ҳәм тәрбия берди. Мектептеги билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша бир қатар басламалар көтерип, билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўында сезилерли дәрежеде үлес қосты. Ҳүрметли напақаға шыққаннан кейин де өзи жасайтуғын аймақтағы мәҳәллениң белсендилеринен болып, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажларға, жәмийетлик жумысларға қатнасып келмекте.

Өмирлик жолдасы Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабулов пенен бирге 7 қыз, 3 улды тәрбиялап, оқытып, ҳәммесиниң де өмирден өз жолын таўып кетиўине еристи. Ҳәзирги ўақытта 20 ақлық 4 шаўлығының қызығын көрип, оларға да бар жақсы нәсиятын берип келмекте.

  • Бизлер класс басшымыз Рысгүл апаның 80 жыллық юбилейине келгенимизден, устазымыздың еле де тәндар екенлигинен қуўанышлымыз. 1974-жылы орта мектепти питкердик. Класымызда 19 қыз, 4 ул бала оқыйтуғын едик. Муғаллимимиз Рысгүл апаның бизге берген билими ҳәм тәрбиясының арқасында, ҳәммемиз де жақсы оқыў орынларына кирип, жумыс иследик. Ҳәзирги ўақытта бизлер де пенсиядамыз,-дейди оның оқыўшыларының бири Роза Халекеева.

Илажда  Рысгүл Уснадинованың ақлық-шаўлықларының атқарыўында шайыр Т.Қабуловтың қәлеминен дөреген қосықлар тыңланып, мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.