Әмиўдәрья районында пуқаралар жыйынларындағы жаслар жетекшилериниң мәденият ҳәм көркем өнерди үгит-нәсиятлаў, спорт, мәлимлеме технологиялары, китапқумарлық, әскерий Ўатансүйиўшилик ҳәм жаслардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды үлгили түрде шөлкемлестириўге бағышланған илаж болып өтти.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен район ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда аймақтағы 49 пуқаралар жыйынында өз жумысын баслаған жаслар жетекшилери қатнасты.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 19-январь күни Өзбекстан Республиксы Президентиниң «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.  Оннан гөзленген тийкарғы мақсет, мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олардың машқалаларын жақыннан үйрениў, жаслардың турмысы менен буннан былай да жақынласыўдан ибарат.

Бул бағдарда пуқаралар жыйынларында шөлкемлестирилген жаслар жетекшилериниң орны айрықша. Жетекшилерге жаслар менен тығыз бирге ислесиў, оларды еле де көбирек қамтып алыў, спорт, мәденият ҳәм басқа да тараўларда оларға жол-жоба ҳәм әмелий жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленген. Олардың жумысы басланыўы менен орынларда бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.

Илажлар райондағы «Бай аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт залында аймақтағы жаслар арасында шахмат ҳәм стол тенниси бойынша жарыслар менен басланды. Ақыл, физикалық потенциал талап етилетуғын жарыста жүзден аслам жас қатнасты.

Усы аймақта жайласқан районлық мәденият орайында қәбилетли жаслар ушын «Заковат» интеллектуаллық турнириниң «Жаслар ислери агентлиги кубоги» беллесиўлери болып өтти. Күшли билим, кең дүньяқарас, логикалық ойлаў сыяқлы өзгешеликлерге ийе болыўды талап ететуғын турнирде 300 ге шамалас жәмлеспеген жас қатнасты. Сондай-ақ, бизнеске қызығыўшы жаслар ушын қәнигелер тәрепинен «Шеберлик сабағы» шөлкемлестирилди. Онда қәнигелер жасларға бизнести қалай баслаў, жүргизиў, машқалалары, тосқынлықларды жеңиў бойынша керекли мағлыўматларды берип өтти.

«Саламат ана-саламат бала» сүренин алға қойған ҳалда райондағы «Чайкул» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт залында қызлар арасында волейбол бойынша жарыс болып өтти.

Райондағы санлы технологиялар орайында робототехника, IT тараўларына қызығыўшы жаслар жаслар ушын «Шеберлик мектеби» шөлкемлестирилди. Онда жаслар технологиялар дүньясы ҳаққындағы бир қатар жаңалықлар ҳәм мағлыўматлар менен танысты.

-Аймағымызда 3643 халық жасайтуғын болса, соннан 1650 ин 18 жастан 30 жасқа шекемги жаслар қурайды,-дейди «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Дилмурат Ядгаров.-Мақсет, пуқаралар жыйынларында жасларды Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға қатнас, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлер аралық татыўлық руўхында тәрбиялаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириўде өз-ара тәжирийбе алмасыў болып табылады.

Райондағы «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйынында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўында район ҳәкимлиги, секторлардың, мәкеме, кәрханалардың басшылары, пуқаралар жыйынларында тайынланған ҳәким жәрдемшилери, бәнт болмаған ҳәм жәмлеспеген жаслар қатнасты. Ашық пикир алысыўлар тәризинде өткен ушырасыўда қатнасыўшылар өзлериниң машқалалары, пикир-усынысларын билдирди. Жаслар көплеген тараўларды раўажландырыў бойынша алған қойған режелери ҳәм идеялары менен ортақласты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы