ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 19-январьдағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, мәҳәллелерде жаңадан жумыс баслаған жаслар жетекшилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда, мәҳәллелердеги жаслар жетекшисиниң тийкарғы ўазыйпалары, «Жаслар балансы»н қәлиплестириў, жаслар ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына киргизип барыў, олар менен жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша түсиниклер берилди. Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша басқарыў механизмлерин енгизиў, олар менен ислесиўдиң вертикал системасын жаратыў, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумысларының нәтийжелилигин арттырыўда оларға жуўапкершилик жүкленгенлиги атап өтилди.

Жаслар жетекшилерине исбилерменлик бойынша идеяларды қоллап-қуўатлаў бойынша өткерилген илажлар нәтийжесинде исбилерменлик жумыслары менен жетискенликлерге ерискен жаслар туўралы мағлыўматлар берилип, мақтаныш ҳәм үлги сыпатында атап өтилди.

Ушырасыўда Нөкис қаласында жумыс баслаған жаслар жетекшилери партияға ағзалыққа қабыл етилип, оларға гүўалықлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги