Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилиси 2022-жыл 3-февраль күни саат 10.00 да Ташкент қаласында Сенаттың мәжилислер залында өз жумысын баслайды.

Жалпы мәжилис 3-4-февраль күнлери видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилиўи режелестирилген.

Жалпы мәжилис «Өзбекстан» ҳәм «Узрепорт» телеканаллары, сондай-ақ, Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей сәўлелендирип барылады.