Әдиллик министрлиги 1-февральдан баслап нызамшылықта қандай өзгерислер болатуғыны ҳаққында мағлыўмат берди.
- Физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында өз шаңарағында балық жетистириўди жолға қойыўға рухсат бериледи.
2022-жыл 1-февральдан 2025-жыл 1-январьға шекем балықшылықты интенсивлестириў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар (аэратор, бассейн, автокормушка, УЗВ) ҳәм қайта ислеў үскенелерин ислеп шығарыўды жолға қойған, бирақ дәраматтың 80 процентинен асламын усы үскенелерди ислеп шығарыўдан алатуғын субъектлер ушын:
– пайда салығы (коммерциялық банклерде жайластырылған қаржылардан алынған процентлерден тысқары);
– юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы;
– юридикалық тәреплердиң мүлк салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкалары 50 процентке азайтылады.
- Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар электрон система арқалы анықланады.
Ҳүкиметтиң 26-санлы қарарына тийкарланып «Меҳр дәптери»не киргизилген жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға байланыслы мағлыўматлар «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы анықланады.
- Коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасы енгизиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-81-санлы қарарына бола, 2022-жыл 1-февральдан баслап коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасы, эксперимент тәризинде, тийисли дизимде келтирилген ҳәм өзиниң жумысында коррупцияға қарсы менеджмент системасын енгизип атырған мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысына енгизиледи.
- Жаңа ҳәким орынбасары лаўазымы енгизиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-76-санлы қарарына бола, 2022-жыл 1-февральдан баслап:
ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлериниң капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы сапластырылып, қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы енгизиледи.
Сондай-ақ, Президент қарарында Ташкент қаласы ҳәм оның районлары ҳәкимлериниң архитектура, капитал қурылыс, коммуникацияларды раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы сапластырылып, қурылыс, коммуникацияларды раўажландырыў, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымының киргизилиўи белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги