2022-жылдың 20-январь күни Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ рәсмий сайтында журналист Адилбай Оразов тәрепинен «Мүлк» аўылының шарўалары неден наразы?» атамасындағы сын мақаласы жәрияланған еди.
Мақалада көрсетилген мәселе район ҳәкимлиги менен тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында үйренилип атырғанлығы ҳәм бул бойынша агентликке тийисли жуўап берилетуғынлығы ҳаққында Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети тәрепинен мағлыўмат берилди.
Бул әлбетте, Тахтакөпирде жүзеге келген машқалаға район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм ҳәкимликтиӊ Баспасөз хызмети тәрепинен жедел мүнәсибет билдирилип атырғаныныӊ айқын дәлийли болып табылады.
Бирақ, аймақларда жүз берип атырған бундай унамсыз жағдайлар бойынша Қарақалпақстан хабар агентлигинде жәрияланып атырған сын материалларға республикалық, районлық көлемдеги басшылар ҳәм олардыӊ Баспасөз хызметлери тәрепинен өзлериниӊ тийисли көзқарасын билдирмей атырғанлығы бул ғалаба хабар қуралларына деген бийпәрўалық, Президентимиз тәрепинен жүргизилип атырған ҳәкимиятлардағы ашықлық ҳәм жәриялылық сиясатына немқурайдылық деп түсинемиз.
Бизлер бул мақаламызда бул район ҳәкимликлери ҳәм шөлкемлердиӊ атларын атпа-ат атларын атаўды мақул көрмедик. Сонлықтан республикамыздағы барлық министрлик, басқарма, мәкеме, шөлкем ҳәм район ҳәкимликлериниӊ баспасөз хызмети басшыларын Қарақалпақстан хабар агентлигинде соӊғы бир-бир ярым ай ишинде жәрияланған сын материалларға тийисли мүнәсибетлериӊизди билдириўиӊизди сорап қаламыз.
Себеби, Агентлик рәсмий сайтында жәрияланған ҳәр бир сын мақала артында инсанлар тәғдири жатыр. Буны ҳеш биримиз умытпайық.
Қарақлапақстан хабар агентлиги