Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы тәрепинен алып барылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы, әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылып, миллий армиямыз тек ғана регионымызда емес, олдүнья жүзинде ең күшли армиялардан бири сыпатында атап өтилетуғын болды.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында салтанатлы илаж болып өтти.

Оған Арқа-батыс әскерий округи басшылары, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажда Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының биринши орынбасары-штаб баслығы полковник Дилшод Илҳомов Ўатан қорғаўшыларын байрам менен қутлықлады. Сондай-ақ, өткен жылы әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, өткен жылы әмелге асырылған жумыслар шеңберинде Нөкис гарнизонында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Хорезм ўәлаятындағы «Янгиариқ» улыўмаәскерлер полигоны, Нөкис қаласы ҳәм Шават районында Мобилизациялық шақырыў резерви батальонларында капитал оңлаў ҳәм реконструкция жумыслары алып барылды.

Нөкис районындағы әскерий бөлимлердиң биринде және «Нөкис» улыўмаәскерий полигонында заманагөй Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайлары қурылды. Әскерий бөлимшелерди жаңа, заманагөй техникалар менен тәмийинлеў, олардың жаўынгерлик имканиятларын арттырыў мақсетинде 36 дана әскерий ҳәм 3 дана арнаўлы техника алынды.

Өткен жыл даўамында әскерлердиң турақлы жаўынгерлик таярлығын тәмийинлеў мақсетинде 20 дан зыят жыйын, штаб шынығыўлары және 15 тен аслам аймақлық күш дүзилмелери менен биргеликте арнаўлы-тактикалық оқыў ҳәм шынығыўлар өткерилди.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти атынан  әскерий округтиң 215 әскерий хызметкери менен жумысшы-хызметкери «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине 30 жыл» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Буннан тысқары, 250 ге шамалас әскерий хызметкер, жумысшы-хызметкер, ветеран, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкилине Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, округ әскерлери сәркардасы атынан көкирек белгилери, баҳалы саўғалар, гезектеги арнаўлы әскерий дәрежелер ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Салтанатлы мәресим көркем өнер шеберлери ҳәм әскерий қосықшылардың атқарыўындағы байрам концерти менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги