Елимизде Президентимиздиң басшылығында суд ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде соңғы жыллары жаңа реформалар әмелге асырылып, бир қатар жаңалықлар жүз бермекте.  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тыстыйықланған  «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў» бойынша тастыйықланған «Жол картасы» тараўда жаңа раўажланыў басқышын баслап берди. Усы тийкарда әмелге асырылған жумыслар ҳәм тараўдағы соңғы жаңалықлар туўралы Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Гүлнара Базарбаева менен сәўбетлестик.

-Ташкент қаласы ҳәм бизиң республикамызда енгизилген бул тәжирийбе шеңберинде қабыл етилген 12 бөлим ҳәм 70 бәнттен ибарат «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўына ерисилди,-дейди Г.Базарбаева.-Әҳмийетли тәрепи сонда, бунда тек судлардың ғана емес, барлық ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпалары белгиленген болып, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде олардың тығыз бирге ислесиўин тәмийинлейди.

Оның ҳәр бир бөлим ҳәм бәнтинде Қарақалпақстанда әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупциясыз жәмийет қурыўдағы ислерди жеделлестириў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, судларды жазалаўшы уйымнан-әдиллик қорғанына айландырыўға қаратылған анық мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленген. Мине, усы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын арнаўлы комиссия қурамы тастыйықланды.

Соның менен бирге, суд ҳәм тергеў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығын, судьялар арасында гендер теңликти тәмийинлеў, тараўға заманагөй мәлимлеме комуникация технологияларын енгизиў, әдил судлаўды әмелге асырыўда тергеўдиң сапасын жақсылаў, халықтың ҳуқықый санасын және мәдениятын жетилистириў, тараў хызметкерлериниң қәнигелигин, әмелий көнликпелерин ҳәм мәнаўиятын арттырыў бойынша жумысшы топар дүзилип, бул бағдарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленди. Себеби, «Жол картасы»нда белгиленген ҳәр бир бөлим ҳәм бәнттиң орынланыўы  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен қадағаланып барылды. Сонлықтан оның анық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде пуқаралық жәмийети институтлары, ҳуқық қорғаў уйымлары  менен бирге ислесиў бойынша келисим Меморандумы тастыйықланды.

-Усы бағдарда исленген жумысларға қысқаша тоқтап өтсеңиз…

-Өткен жылдың басынан берли Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тергеў уйымлары хызметкерлери менен биргеликте 5 мәрте арнаўлы семинарлар өткерилген болса, 3 мәрте аралықтан, яғный онлайн қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилди.  Оларда сорастырыўшы ҳәм тергеўшилерге нызамларды дурыс қолланыў, бирден-бир тергеў ҳәм суд әмелиятын қәлиплестириў, судлар тәрепинен жынаятлы ислердиң мазмуны жағынан көрип шығылыўында тергеў уйымлары тәрепинен Жынаят-процессуал кодексине киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға қатаң әмел етиў мәселелери кеңнен түсиндирилди. Бул бағдарда арнаўлы реже тастыйықланып, бирге ислесиў жумыслары алып барылды.

Буннан тысқары жас тергеўшилердиң судларда әмелият өтеў жумыслары басланып, бүгинги күнге оның тәртиби ислеп шығылды ҳәм өткен жылдың август айынан баслап тергеўшилер белгиленген режеге тийкарланып  Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша қалалық ҳәм районлық судларында әмелият өтеп келмекте. Бул әмелияттың жолға қойылыўы суд-тергеў сапасын жақсылаў менен бирге, белгили бир жынаятлы ис бойынша анық ҳәм әдил шешим қабыл етиўге унамлы тәсирин тийгизеди.

Судлар ҳәм тергеў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығын, жәриялылығын тәмийинлеў мақсетинде орынларда турақлы түрде профилактика инспекторлары менен биргеликте жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша  үгит-нәсият жумыслары, дөгерек сәўбетлери, семинарлар ҳәм ушырасыўлар өткерилип, олар ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы кең түрде жәрияланып барылды.

Суд тәрепинен ҳәр бир шеректе бир мәрте суд әмелиятының шолыўлары ислеп шығылып, онда анық жынаятлы ис мысалында дәслепки тергеў ҳәм суд тәрепинен ислерди тергеў және судларда көриў барысында жол қойылған қәте-кемшиликлер көрсетилип, олар топланып жылына бир мәрте китапша етип шығарылды. Бүгинги күни бул шолыўларды судьялар күнделикли хызмет бабында пайдаланып келмекте.

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықты анықлаў емес, ал, оларды келтирип шығаратуғын факторлар менен гүресиў әҳмийетли есапланады. Бул бағдарда да кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Ҳәптениң ҳәр пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» деп белгиленип, онда халықтың ҳуқықый мәдениятын, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, жәмийетте тутқан орнын беккемлеўге қаратылған сәўбетлесиўлер өткерилип, онда аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят жүз берген аймақлардың өзинде додаланбақта. Бундай жынаятларды алдағы ўақытлары болдырмаў мақсетинде пуқаралар жыйынларында анық мақсетке бағдарланған профилактика ҳәм үгит-нәсият жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

-«Жол картасы»нда гендер теңликти тәмийинлеў бойынша да ўазыйпалар белгиленген.Оның орынланыўына да тоқтап өтсеңиз…

-Гендер теңлик, яғный ер адамлар менен ҳаял-қызлардың теңлиги-инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири есапланады. Илимпазлар тәрепинен алып барылған изертлеўлерге қарағанда, бул фактор ең жоқары дәрежедеги экономикалық, социаллық ҳәм сиясий раўажланыўдың дәреги. Тек ер адамлардан ибарат жәмәәтке қарағанда ҳаял-қызлар тең болған жерде, егер ақылый мийнет пенен бәнт болса, бир нешше жоқары нәтийжеге ерисилер екен.  Буннан тысқары, гендер теңлик-бул мәмлекеттиң демократиялық раўажланыў дәрежесин көрсететуғын индикатор болып табылады.

Солай екен, бүгинги күни ҳаял-қызлардың ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлығын тәмийинлеў, олардың мәмлекетти басқарыўдағы ролин күшейтиў, ҳаял-қызларды басшы лаўазымларға таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Буны басқа тараўлар сыяқлы суд системасында да көриўимизге болады.

Атап айтқанда, бүгинги күни республикамызда 68 судья жумыс алып барып атырған болса, соннан 17 судья, яғный 25 процентин ҳаял-қыз қурайды. Судьялардың арасында гендер теңликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, республикамызда жумыс алып барып атырған юрист ҳаял-қызлардың дизими қәлиплестирилди. Соның менен бирге, юридикалық оқыў орынларының питкериўши қызларын суд системасына ислеўге қызықтырыў, олардың бул кәсипке болған меҳир және қызығыўшылығын арттырыў бойынша турақлы түрде дөгерек сәўбетлери алып барылмақта.

-Суд системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, олардың жәмийетшилик бенен байланысын беккемлеў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?

-Ҳақыйқатында бурын суд жабық мәкеме сыпатында танылған болса, бүгинги күни шын мәнисинде  пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғайтуғын уйымға айланды,-десек асыра айтқан болмаймыз. Судлар ҳәм тергеў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳәм жәриялылығын жетилистириў бағдарында судьялар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте орынларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

Юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң судлардың жумысына байланыслы мағлыўматларды өз ўақтында алыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбектан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультант лаўазымы енгизилди. Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы судларының t.me/QRSUDI телеграмм каналы ҳәм qoraqalpogiston.sud/uz  веб-сайты  шөлкемлестирилди.

Ашық суд процесслерин, әлбетте, тәреплердиң келисими менен видео, аудио ҳәм тиккелей трансляция етиў мүмкиншилиги берилди. Сондай-ақ, тараў жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм пуқараларды тийкарлы мағлыўматлар менен жақыннан таныстырып барыў мақсетинде суд баслықларының ғалаба хабар қураллары  ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери ушын ҳәр айда бир мәрте онлайн брифинглер өткериў әмелияты жолға қойылды. Бул өз гезегинде пуқараларды суд уйымларын «Әдиллик қорғаны»на айландырыў бағдарындағы реформалардың нәтийжелери менен жақыннан таныстырыў имканиятын бермекте.

Буннан тысқары, Президентимиздиң қарары менен 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты уйымларын санластырыў бағдарламасы тастыйықланды. Усыған муўапық, 2021-жылдың  1-январынан баслап судларда суд мәжилислерин тәреплердиң өтиниши ҳәм басшылық етиўшиниң келисими менен аудиожазыўдан (аудиофиксация) пайдаланған ҳалда жүргизиў, суд мәжилисиниң протоколларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў, апелляция инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автомат тәризде бөлистириў, 2021-жылдың  1-октябринен баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында SMS хабар арқалы бийпул хабарландырыў әмелияты енгизилди.

Судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлерге   интерактив хызмет көрсетилиўи жолға қойылды. Сондай-ақ, пуқаралардың «аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиў» мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судлары, қала ҳәм район судларының имаратларында «Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем» бөлмелери шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларында «Суд мүйешлери» шөлкемлестирилген болып, олар керекли мағлыўматлар менен тәмийинленген.

Улыўмаластырып айтқанда, 2020-жылдың ноябрь айында  тастыйықланған «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыў мүддети өткен жылдың ноябрь айында өз жуўмағына жетти.  Оның орынланыў мүддети жуўмақланғаны менен алдымызға белгилеп алған бағдар ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы даўам етеди. Бул жолда судьялар өзлериниң билим және тәжирийбесин аямай жумсаўға таяр деп исендиремиз.

 

 Сәўбетлескен Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы