Президенттиң миллий ҳәм олимпиада спорт түрлери бойынша «Миллий олимпиада» улыўма республикалық спорт ойынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын қарар жойбары жәрияланды.
Атап өтилиўинше, спорт ойынларының финал басқышында улыўма командалық есапта жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған (I-III орынлар) топарлар төмендеги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:
биринши орын ушын – 200 миллион сум;
екинши орын ушын – 150 миллион сум;
үшинши орын ушын – 100 миллион сум;
Сондай-ақ, спорт ойынларының финал басқышында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери (I-III орынлар) болған қатнасыўшылар төмендеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы» менен хошаметленеди;
Атап айтқанда, улыўма билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары олимпия ҳәм паралимпия колледжлерине;
профессионал билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары қосымша мәмлекетлик грант тийкарында күндизги, сыртқы, кешки билимлендириў түрлерине имтихан сынақларысыз жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы тәлим бағдарларына;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери (бакалавриат басқышы) жоқары билимлендириў мәкемелериниң тийисли бағдарлары бойынша магистратура тәлим бағдарына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында имтихан сынақларысыз қабыл етиледи;
Соның менен бирге, спорт ойынларының финал басқышында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери (I-III орынлар) болған қатнасыўшылар аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлап алыў (селекция) арнаўлы спорт системасын басқарыў платформасына киргизиў арқалы спорт резервине қабыл етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги