Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 11-январьдағы қарарына муўапық, техникумларды табыслы питкерген оқыўшыларды жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына сәўбет тийкарында оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында ЖОАБМ хабар берди.
Усы реже тийкарында техникумларды табыслы питкерген оқыўшыларды өз тараўына сәйкес бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханларысыз, жеке тәртиптеги сәўбет арқалы жоқары оқыў орынларының 2-курсынан оқыўын даўам еттириў ушын қабыллаў тәртиби белгиленди.
Техникумды табыслы питкергенлер категориясына техникумдағы толық оқыў дәўиринде оқыў семестрлериниң жуўмақларына муўапық өзлестириў баҳалары «5 (жоқары)» ҳәм «4 (жақсы)», бирақ өзлестириў баҳаларының кеминде 50 проценти (медициналық жоқары оқыў орынлары ушын кеминде 85 проценти) «5 (жоқары)» болған питкериўшилер киреди.
Бул тәртип 2021-2022-оқыў жылынан баслап, оқыўшы техникумды питкерген жылдан баслап еки жыл даўамында енгизиледи.
Жоқарыда атап өтилген категорияға кирмейтуғын ҳәм техникумды питкергенине еки жылдан көп болғанлар оқыўға кириў нийетин билдиргенде оларды жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаў улыўмалық белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Тәлим бағдарларының дизими Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
Оқыўға қабыллаў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.
Питкериўшилер ҳәр жылы 5 июльдан 25-июльға шекем Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы онлайн дизимнен өтеди.
Бунда питкериўшилер:
– паспорты ямаса ID-картасының нусқасы;
– техникумды питкергени ҳаққындағы ҳүжжет;
– ҳәм оның қосымшасының нусқасын жүклеўи талап етиледи.
Онлайн дизимнен өткен питкериўшилердиң системаға жүкленген ҳүжжетлери жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиялары тәрепинен ҳәр жылы 5-августқа шекем үйренип шығылады.
Үйрениў нәтийжелери бойынша абитуриентлердиң жеке кабинети арқалы оларға хабар бериледи.
Питкериўшилерди жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша өткерилетуғын сәўбет процеси ҳәр жылы 10-августтан 25-августқа шекем, жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген мүддетте өткериледи.
Бул реже:
– жоқары әскерий, жоқары әскерийлестирилген билимлендириў мәкемелерине;
– Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине;
– Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сырт еллердиң ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлери және олардың филиалларына енгизилмейди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.