Усы жылдың 3 январынан 4-январына өтер түнде шама менен 03-30лар шамасында Нөкис қаласында туўылған 26 жастағы Ж.О. урлық ислеў мақсетинде өзи ислейтуғын мебель ислеп шығарыў цехына ҳеш ким жоқлығынан пайдаланып, нызамсыз түрде кирген.

Офис ретинде пайдаланып киятырған бөлмедеги темир сейфти бузып, ишиндеги 236 миллион сум пулдан жәми 179 миллион сум болған оғада көп муғдардағы пулды жасырын түрде талан-тараж еткенлиги анықланды.

Өткерилген тергеў-оператив ҳәрекетлер нәтийжесинде мәлим болыўынша, Ж.О. мебель цехына кириў дәрўазасының қулпланатуғын темир илгишин ашып киргенлиги анықланған.

Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясының 4-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Ҳәзирде бул жағдай бойынша тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы