Швейцария Олимпиада комитети Халықаралық Олимпиада комитетине мүрәжат пенен шықты, делинеди «RTS» хабарында.

Швейцария тәрепи эпидемиологиялық жағдайдың қурамалылығы себепли Пекиндеги Олимпиада ойынларын кейинге қалдырыўды усыныс еткен.

«Қандайда бир спортшы коронавирусқа шалынып Олимпиадаға бармаўы ҳаққында дерлик ҳәр күни еситип атырмыз. Ашылыў мәресимине аз ўақыт қалды. Ойынлардың ўақытын көшириўди көрип шығыў зәрүр», дейди Швейцария Олимпиада комитетиниң басшысы Ральф Штокли ҳәм ҳәзирги ўақытта ол усыныс мәжбүрий емеслиги, бирақ жағдай, әсиресе, Европа мәмлекетлеринде қатаң екенин еслеткен.

Еслетип өтемиз, Пекиндеги қысқы Олимпиада ойынлары 4-февральдан 20-февральға шекем өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентилиги