Туўысқан Қазақстанда болып атырған соңғы ўақыялар Өзбекстанда қәўетерлениў менен қабыл етилип, бул мәмлекеттеги жағдайдың раўажланыўы дыққат пенен бақлап барылмақта.
Данышпан Қазақстан халқы мәмлекетте турақсызлық ҳәўиж алыўына, зорлық ҳәм инсанлар арасында қурбанлар пайда болыўына жол қоймайтуғынына исенемиз.
Қазақстан халқы өз-ара аўызбиршиликти сақлаў, мәмлекетте тынышлық ҳәм татыўлықты тиклеў, сондай-ақ, пайда болып атырған машқалаларды өзи еркин шешиў ушын жетерли исеним ҳәм ерк-ықрарға ийе екенлигине исенемиз.
Өзбекстан Қазақстан халқы ҳәм администрациясының мәмлекеттиң турақлылығын және раўажланыўын, миллет абаданлығын тәмийинлеў жолында алып барып атырған ҳәрекетлерин шексиз қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлайды.
Сыртқы ислер министрлиги
баспасөз хызмети.
ӨзА