Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан халқына жоллаған Жаңа жыл қутлықлаўында Жаңа – 2022-жылды елимизде «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп жәриялаўды усыныс етти.
«Елимизде кең көлемли реформаларымыз турақлы даўам етпекте.
Оларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде биз Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясын ислеп шықтық.
Усы тийкарда «Инсан қәдири ушын» деген уллы идеяны әмелге асырамыз.
Биз жаңа жылға атама бериўде, кең жәмийетшиликтиң пикирлерин үйрендик. Әне сол усыныслардан келип шығып, мен Жаңа – 2022-жылды елимизде «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп жәриялаўды усыныс етемен.
Инсан қәдирин улығлаў – елимизде жасап атырған ҳәр бир адамның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеў болып есапланады.
Бул бағдарда жәмийетимиздиң тийкары болған мәҳәлле шешиўши орын тутады.
Мәҳәлле тыныш болса, ел тыныш болады.
Мәҳәлле абат болса, мәмлекет абат болады.
Сонлықтан, буннан кейин ҳәр бир мәҳәлледе нәтийжели ис жүргизиў жумысларымыздың баслы өлшемине айланады», – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.