Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң финанслық турақлылығын тәмийинлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелерин еркин шешиў, илимий-изертлеў жумысына қаржыларды тартыў имканиятын кеңейтиў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасында бәсекилик орталығын раўажландырыў мақсетинде:

  1. Финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими1-қосымшаға муўапық тасыйықлансын.
  2. Финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине 2022-жыл 1-январьдан баслап төмендеги мәселелер бойынша еркин қарар қабыл етиў ўәкиллиги берилсин:

билимлендириў хызметлери базарындағы талапты инабатқа алған ҳалда төлем-контракт тийкарында оқытыў баҳасын белгилеў;

студентлердиң төлем-контракт қаржыларын төлеў мүддетлерин белгилеў ҳәм узайтыў;

билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық технологияларды қоллана алатуғын ҳәм илимий излениў алып баратуғын жергиликли ҳәм сырт елли профессор-оқытыўшылар менен қәнигелерди шәртнама тийкарында созыў;

оқыў-илимий процесслерге тартылған сырт елли жоқары маман қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў муғдарларын базар конъюнктурасынан келип шығып белгилеўге байланыслы қарарлар қабыл етиў;

профессор-оқытыўшылар штат бирликлерин киргизиў нормаларын ислеп шығыў;

өз қаржылары есабынан студентлер ушын стипендия ҳәм грантлар ажыратыў;

сырт ел мәмлекетлеринен оқыў ҳәм илимий әдебиятлар, сабақлықлар ҳәм  оқыў қолланбаларды авторлық ҳуқықы болған ислеп шығарыўшылардан тиккелей сатып алыў;

бос турған имарат ҳәм объектлерде төлемли хызметлер көрсетиў тәртибин белгилеў;

автотранспорт қуралларының жол жүриў жыллық лимитин ҳәм оларға хызмет көрсетиў талапларын белгилеў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери төмендегилерди нәзерде тутатуғын қаржыландырыў тәртибинеөткериледи:

барлық тәлим бағдарлары ҳәм басқышлары бойынша бир студент ушын туўра келетуғын орташа қәрежет муғдары есаплап шығылады;

мәмлекетлик буйыртпа (мәмлекетлик грант) тийкарында кадрлар таярлаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртип тийкарында бир студентке туўра келетуғын орташа қәрежет муғдарынан келип шығып белгиленеди;

мәмлекетлик грант тийкарында тәлим алып атырған студентлер ушын бюджет қаржылары бойсыныўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар ҳәм  жоқары билимлендириў мәкемеси арасында қол қойылатуғын келисим тийкарында ажыратылады (буған мақсетли қаржылар, соның ишинде, стипендия төлемлери, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаў ушын нызамшылықта белгиленген қаржылар, жоқары билимлендириўден кейинги тәлим қәрежетлери ҳәм  Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң айрықша қарарлары тийкарында ажыратылатуғын басқа қаржылар кирмейди) ;

мәмлекетлик грант тийкарында билим алып атырған студентлер ушын ажыратылған бюджет қаржылары (буған мақсетли қаржылар кирмейди) жоқары билимлендириў мәкемесиниң бюджеттен тысқары қаржылары бойынша жеке ғазна есап бетине өткериледи ҳәм есабат дәўириниң ақырында қаржылардың қалдығы жоқары билимлендириў мәкемесиниң ықтыярында қалдырылады;

мәмлекетлик буйыртпа сыпатында ажыратылған қаржылар ҳәм төлем-контракт қаржылары бойынша дәраматлар менен қәрежетлер сметасы тийислилиги бойынша жоқары турыўшы министрлик ҳәм ведомствода дизимнен өткериледи ҳәм олардан пайдаланыў Бюджет шөлкемлерин раўажландырыў қоры ушын белгиленген тәртипке уқсас тәртипте әмелге асырылады. Бунда, финанс жылы даўамында дәраматлар ҳәм қәрежетлер сметасына киргизилетуғын өзгерислер Қаржы министрлиги менен келисилмейди;

төлем-контракт тийкарында оқытыў баҳасы бир студент ушын туўра келетуғын орташа қәрежет муғдарынан келип шығып, бирақ, жоқары билимлендириў мәкемесин өзин-өзи толық қаржылай тәмийинлеў, келешекте раўажландырыў ҳәм билимлендириў хызметлери базарындағы өз-ара бәсеки тийкарында белгиленеди.

  1. Финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде:

тийкарғы қуралларды ижараға бериўден түскен қаржының 1 проценти ­ Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң аймақлық бөлимлери жанындағы мәмлекетлик мүлк ижара орайларына, қалған бөлеги ­ электрон саўда майданшасы операторына төленген төлем шегирилгеннен кейин усы жоқары билимлендириў мәкемесиниң бюджеттен тысқары раўажландырыў қорына қаратылады;

тийкарғы қураллар ҳәм товар-материаллық байлықларды (буған жер, имарат, қурылмалар, атап айтқанда, оператив басқарыўға берилген имарат ҳәм қурылмалар ҳәм оқыў-илимий лаборатория инвентарлары кирмейди) сатыўдан түскен қаржылар толығы менен өз ықтыярында қалдырылатуғыны;

финанслық қадағалаў илажларын қалыслық пенен ҳәм еркин өткеретуғын ишки аудит ҳәм финанслық қадағалаў хызмети шөлкемлестирилетуғыны;

қаржылардың жумсалыўы бойынша жоқары турыўшы министрликке (ведомствоға) ҳәр шеректе белгиленген тәртипте есап берилетуғыны;

Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар, сатып алынған товарлар ҳәм хызметлер, әмелге асырылып атырған жойбарлар және қарамағындағы қаржылар, материаллық байлықлар ҳәм мүлктен пайдаланыў ҳаққындағы басқа мағлыўматлар өз рәсмий веб-сайтларына турақлы жайластырып барылатуғыны;

қаржылардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, атап айтқанда, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм стипендия төлемлерин өз ўақтында және толық әмелге асырыў ушын жуўапкершилик тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң басшысына жүкленетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-июльдеги «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4391-санлы қарарына тийкарланып өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтип атырған жоқары билимлендириў мәкемелерине берилген ўәкиллик ҳәм ҳуқықларусы қарарға муўапық финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қолланылсын. Онда:

финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери юридикалық тәреп статусына ийе болған бюджет қаржыларын алыўшы мәмлекетлик шөлкем есапланады;

студентлерди төлем-контракт тийкарында оқытыў баҳасы жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен билимлендириў хызметлери базарындағы талап ҳәм усыныстан келип шығып, бирақ, тийисли бағдар бойынша мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде белгиленген базалық төлем-контракт баҳасынан үш еседен артық болмаған муғдарда белгиленеди;

бакалавриат тәлим бағдарлары, магистратура ҳәм клиникалық ординатура қәнигеликлери кесиминде қабыллаў шәртлеринде төлем-контракт баҳасы дифференцияланған муғдарларда белгилениўи мүмкин.

  1. Финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде төмендегилер бақлаў кеңеслериниң тийкарғы ўәкилликлериетип белгиленсин:

жоқары билимлендириў мәкемесиниң узақ ҳәм орта мүддетли стратегиялық раўажландырыў бағдарламасын тастыйықлаў, халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингиниң жоқары орынларынан орын ийелеў бойынша мақсетли илажларды белгилеў ҳәм  оның әмелге асырылыўын қадағалап барыў;

жоқары билимлендириў мәкемесиниң орта мүддет ушын қәлиплестирилетуғын бизнес-режеси ҳәм дәраматлар менен қәрежетлер параметрлерин тастыйықлаў, олардың орынланыўын талқылаў;

тәлим бағдарлары, қәнигеликлер ҳәм маманлықлар бойынша төлем-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлерин белгилеў ҳаққында қарар қабыл етиў;

жоқары билимлендириў мәкемесиниң алдына қойылған ўазыйпалардың орынланыўы, мақсетли көрсеткишлерге ерисиў жағдайы бойынша ректор ҳәм проректорлардың жумысын үйрениў ҳәм  мәлимлемесин тыңлаў;

жоқары билимлендириў мәкемесиниң ишки аудит ҳәм финанслық қадағалаў хызметине финанслық қадағалаў өткериў ушын қосымша тапсырма бериў ҳәм қадағалаў илажларының нәтийжеси бойынша есабат алыў;

жоқары билимлендириў мәкемесин раўажландырыў ҳәм оның финанслық хызметине байланыслы мәселелерди шешиў, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем көринисинде мақсетли капитал қорын қәлиплестириў;

илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шығып, жоқары билимлендириў мәкемелериниң инновациялық ҳәм басқа қорлардың қаржыларын жумсаў тәртиби ҳәм бағдарларын еркин белгилеў;

жоқары билимлендириў мәкемесиниң басшысы ҳәм хызметкерлери және профессор-оқытыўшыларының жумысына баҳа бериў, олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў критерияларын (KPI) тастыйықлаў;

жоқары билимлендириў мәкемеси және олардың жанындағы билимлендириў ҳәм илимий мәкемелердиң басшысы ҳәм хызметкерлери, профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ, сырт елли қәнигелер ушын мийнетке ҳақы төлеў муғдары
ҳәм нәтийжелилилик критерияларына тийкарланған хошаметлеў тәртибин еркин белгилеў;

жоқары билимлендириў мәкемесиниң бюджеттен тысқары раўажландырыў қоры қаржыларынан пайдаланыў тәртибин, соның ишинде, қәрежетлердиң бөлистирилиў үлесин еркин белгилеў.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте үш ай мүддеттемәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын электрон шәртнамалар дүзиў, төлем-контракт тийкарында оқытыў қәрежетлерин онлайн төлеў ҳәм қаржылар есабын жүргизиў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасын (кейинги орынларда ­ Мәлимлеме системасы) ислеп шықсын ҳәм  Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банктиң мәлимлеме системалары менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.

Мәлимлеме системасына жалғаныў ведомстволық бойсыныўына қарамастан барлық мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ушын мәжбүрий есапланатуғыны белгиленсин.

Мәлимлеме системасын әмелиятқа енгизиў, қоллап-қуўатлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине шәртнама тийкарында хызмет көрсетиў ўазыйпасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Билимлендириў мәкемелеринде электрон билимлендириўди енгизиў орайына жүкленсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бойсыныўында жоқары билимлендириў мәкемеси болған министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

халықаралық финанс шөлкемлерин тартқан ҳалда 2022-жылдың ақырына жуўмағына шекем мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде базар механизмлерине тийкарланған бизнес процесслерин енгизиў, оларды меншиклестириў, олардың жумысына корпоратив басқарыўды енгизиў ҳәм толық финанслық еркинлик бериў арқалы билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм питкериўшилер арасында тығыз байланыс орнатыў, олардың келешектеги профессионал жумысы, ерискен табыслары ҳәм тәжирийбелерин өз рәсмий веб-сайтларында жайластырып барыў, олар менен студентлер арасында байланыс орнатыў, шеберлик сабақларын шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажлар көрсин. Онда, питкериўшилердиң келешекте ерискен табыслары жоқары билимлендириў мәкемеси басшысы жумысының ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлеринен бири есапланады;

жоқары билимлендириў мәкемелери басшыларының пуқараларға билимлендириў хызметлерин көрсетиўдиң қамтып алыныўы ҳәм сапасын арттырыў, билимлендириў процесин алдынғы жоқары билимлендириў стандартларына муўапықластырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм  бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаў бойынша белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўы бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке турақлы түрде есап берип барыўын тәмийинлесин.

  1. Медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерине олардың клиникаларында материаллық-техникалық базаны беккемлеў, сондай-ақ, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушынөзлериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан зәрүр қаржылар жумсаўға руқсат берилсин.
  2. Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери Салық кодексине муўапық салық төлеўден азат етилгенлиги;

финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине нызамшылықта жоқары билимлендириў мәкемелери ушын нәзерде тутылған салық жеңилликлери енгизилгенлиги;

финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине социаллық салықтың 12 процент муғдардағы ставкасы қолланылатуғыны.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-сентябрьдеги «Хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6318-санлы Пәрманының 3-бәнтинде нәзерде тутылған бажыхана бажысынан азат етиў бойынша жеңиллик оқыў ҳәм  илимий лаборатория инвентарлары, арнаўлы әсбап-үскенелер, оқыў, илимий-методикалық әдебиятлар, оқытыўдың техникалық қураллары, мультимедиа өнимлерин алып кириўши барлық юридикалық тәреплерге берилетуғыны белгиленсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги басқа  да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте бажыхана бажысынан азат етилетуғын товарлар дизимин қәлиплестирсин ҳәм Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және басқа мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

ишки аудит ҳәм финанслық қадағалаў хызметлери ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң қәрежетлерин «УзАСБО» программалық комплекси арқалы онлайн мониторинг етиў имканиятын жаратсын. Онда, қәрежетлерди әмелге асырыўда жол қойылыўы мүмкин болған қәте-кемшиликлер бойынша «қәўип-таллаў» системасын жолға қойсын;

жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорына төлем-контракт қаржылары есабынан ажыратпалардың Қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасы арқалы автомат түрде өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Миллий телерадиокомпания Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте усы қарардың мақсети ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелендириўге байланыслы арнаўлы медиа-реже ислеп шықсын ҳәм оның орынланыўын тәмийинлесин.
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги үш ай мүддетте төмендегилерди Министрлер Кабинетине киргизсин:

Қаржы министрлиги менен биргеликте бир студент ушын туўра келетуғын орташа қәрежет муғдары тийкарында қаржыландырыў тәртибин нәзерде тутатуғын қарар жойбарын;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2022-жыл 1-июль ҳәм 2023-жыл 1-январьға шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 24-декабрь.