Өзбекстан Республикасы тәрепинен  Аўғанстанға жеткерилген гуманитарлық жүги 23-декабрь күни Мозори Шариф қаласында дос халыққа салтанатлы түрде тапсырылды.

Ун, гүриш, қумшекер ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери, биринши гезекте зәрүр болатуғын  товарлар, кийим-кеншек, тоқымашылық буйымлары, улыўма салмағы 4 мың тоннадан аслам көмир жанар майынан ибарат бул гуманитарлық жәрдем өзбек халқының Аўғанстанға көрсеткен гезектеги жәрдеми болды.

Мәресимде  сөзге шыққан Аўғанстан Ўақытша ҳүкимети сыртқы ислер министриниң орынбасары Шер Аббос Станикзай мәмлекет ушын аўыр ўақытта көрсетилип атырған турақлы итибар, қоллап-қуўатлаў ҳәм аўызбиршилик ушын Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа пүткил аўған халқы атынан терең миннетдаршылық билдирди.

Аўғанстан халқына жәрдем бериў шақырығына мәмлекетимиз басшысы бириншилерден болып итибар қаратқанын, оның сиясатын усы көп миллетли халық шын мәнисинде гуманитарлық, дослық ҳәм жақсы қоңсышылықтың шын мәнисиндеги көриниси сыпатында  қабыл етип атырғаны айрықша атап өтилди.

Шер Аббос Станикзай аўған халқы Өзбекстан жетекшисиниң дослық қатнасығын турақлы сезип келгенин атап өтип, мәмлекеттиң жаңа ҳәкимият уйымлары тәрепинен жақсы қоңсышылық қатнасығын және де беккемлеў  ушын бар имканият иске қосылатуғынын, сондай-ақ, өз аймағынан қоңсы мәмлекетлерге, соның ишинде, Өзбекстанға ҳеш қандай қәўип-қәтерлерге жол қойылмайтуғынын билдирди.

Балх ўәлаятының ҳәкими Қудратилла Абу Ҳамза әйне ўақтында  көрсетилип атырған  усы гуманитарлық жәрдем қыс мәўсиминде аўған халқы ушын айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Оның сөзлерине бола, бул еки дос халық арасындағы терең тарийхый ҳәм  мәнаўий  қатнасықлардың  және бир дәлили болып есапланады.

Аўғанстан жәмийетшилиги, соның ишинде, этник өзбеклердиң ўәкиллери – белгили ғайраткерлер өзлери ушын ең аўыр ҳәм сынаўлы ўақытта олардың талабын, ой-пикирлерин ҳеш қашан умытпаған, бәрқулла жүректен сезинген, аўған халқының ҳәмийше ҳақыйқый досты болып қалған Өзбекстан басшысына айрықша жәрдем ушын және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан тәрепинен көрсетилип атырған бул жәрдем негизинде мәмлекетте ғалаба ашлық, аўыр гуманитар ҳәм азық-аўқат кризисиниң алдын алыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Илаж соңында миллий қәдириятымыздың көриниси, өзбек халқының миймандослығының белгиси сыпатында барлық жыйналғанларға, Аўғанстан жәмийетшилиги ўәкиллерине шебер аспазларымыз тәрепинен таярланған палаў тарқатылды.

 

ӨзА