Усы жыл 23-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.
Онда усы комитеттиң, «Экспертлер топары»ның, Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша Уйымлар аралық жумысшы топарының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, тийислик министрликлер менен уйымлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 29-июльдеги «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген илажларды ишки дәреклерден қаржыландырыў барысы бойынша Өзбекстан Республикасы Қаржы министриниң мәлимлемеси, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша Уйымлар аралық жумысшы топары тәрепинен быйылғы жылда әмелге асырған жумыслары ҳәм келеси жылға белгиленген әҳмийетли ўазыйпалары ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Комитет баслығы Б.Алиханов басқарып барған мәжилисте атап өтилгениндей, Арал теңизи апатшылығы өзиниң гуманитарлық, экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық унамсыз ақыбетлериниң көлеми жағынан тек елимизде ғана емес, ал, дүнья жүзилик машқала екенлиги, оның негатив тәсирин азайтыў, регионда генофондты сақлап қалыў ең әҳмийетли мәселелерден бири болып табылады.
Бул бағдарда Жаңа Өзбекстан экологиялық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша республикамызда кең көлемли реформаларды әмелге асырыў менен бирге, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер көплеген әҳмийетли басламалар менен шықпақта.
Буған бир ғана мысал, Президентимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясының қабыл етилгенлигин айрықша атап өткен орынлы.
Резолюцияда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланған «Жол картасы»нда белгиленген 71 ҳәм әҳмийетли инновациялық жойбарларда белгиленген 65 илажды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Соннан «Жол картасы»нда белгиленген 35 ҳәм әҳмийетли инновациялық жойбарларда белгиленген 10 илаж тиккелей мәмлекетлик бюджет (соның ишинде, жергиликли бюджет), министрлик ҳәм уйымлардың бюджети ҳәм бюджеттен тысқары фондларының қаржылары есабынан және банк кредитлеринен ибарат ишки дәреклерден қаржыландырылыўы белгиленген.
Додалаў барысында сенаторлар тәрепинен «Жол картасы»нда белгиленген айырым илажларды қаржыландырыўда кемшиликлер орын алып атырғанлығы, атап айтқанда, «Өзбекгидрогеология» мәмлекетлик кәрханасы орынлаўы ушын жуўапкер болған 14-бәнтте «Аралбойында жер үсти суў мониторингин инновациялық технологиялар тийкарында басқышпа-басқыш санластырыў» ҳәм Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ушын жуўапкер болған 60-бәнттеги «Турақ жай имаратларын орайластырылған тазаланған ишимлик суўы менен тәмийинлеў технологиясын ислеп шығыў» илажларының орынланыўы белгиленген мүддетлерден артта қалып атырғанлығы атап өтилди.
Буннан тысқары, айырым әҳмийетли инновациялық жойбарларды қаржыландырыў кешигип ямаса қаржыландырыў туўралы анық мағлыўматлар усынылмай атырғанлығы сынға алынды.
Атап айтқанда, Суў хожалығы министрлиги жуўапкер болған 2021-2022-жылларға мөлшерленген «Аққум участкасы системасында жергиликли терек ҳәм пута өсимликлерин қорғаў тоғай плантациясын жаратыў» жойбары бойынша усынылған мағлыўматларда қаржыландырыў мәселеси анық көрсетилмеген. Соның менен бирге, орынланыўы белгили бир ўақытты талап ететуғын келеси жылы әмелге асырылыўы режелестирилген 3 жойбарды қаржыландырыў мәселесине анықлық киргизилмеген.
Жоқарыдағы кемшиликлер ҳәм машқалалардан келип шығып, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине жуўапкер хызметкерлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Жол картасы»нда әҳмийетли инновациялық жойбарларда белгиленген илажларды қаржыландырыўдың дәреклерин анықлаў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша тармақ кестелерин ислеп шығыў илажларын көриў, сондай-ақ, илажлардың қаржыландырылыўын муўапықластырып барыўға итибарды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Кеңейтилген мәжилисте сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша Уйымлар аралық жумысшы топары тәрепинен быйылғы жылда әмелге асырған жумыслары ҳәм келеси жылға белгиленген әҳмийетли ўазыйпалары ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Мәжилисте Уйымлар аралық жумысшы топары тәрепинен келеси жылға белгиленген «Жол картасы» ҳәм «Медиа-реже»ге усыныслар таярлаў мәселеси де көрип шығылып, алдағы ўазыйпалар белгиленди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери