Ташкентте «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA)ниң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте «Орайлық Азия мәмлекетлериниң пуқаралық жәмийети институтлары – бирден-бир даўыс» темасында халықаралық форум өткерилди.
Онлайн ҳәм офлайн түринде шөлкемлестирилген усы регионаллық сөйлесиўде 200ге шамалас жергиликли ҳәм сырт елли экспертлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Әнжуманда Орайлық Азия мәмлекетлери пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм МКШларының жағдайын таллаў, олардың арасындағы қатнасықты беккемлеў мәселеси көтерилди.
Региондағы ең белсенди МКШлардың жумысын үгит-нәсиятлаў, тараўға тийисли структураларды келешектеги бирге ислесиў ушын механизм, усыныслар ислеп шығыўға тартыў бойынша пикир алысылды.
Соңғы жылларда Орайлық Азия мәмлекетлери арасында өз-ара бирге ислесиў ҳәм исеним беккемленбекте. Экспертлер Шавкат Мирзиёев тәрепинен Өзбекстанның жаңа регионаллық бағдары жәрияланғаны трансформация ушын үлги болғанын, регион мәмлекетлериниң басшылары арасындағы қатнасық жеделлесиўине, товар алмасыў көлеми, әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар саны артыўына хызмет еткенин атап өтти.
Орайлық Азиядағы он мыңлаған жәмийетлик (мәмлекетлик емес) шөлкемлер бүгинги күнде жүз мыңлаған белсендилер, волонтёрлар, жәмийетлик пикир жетекшилерин өз қатарларына бирлестирген. Ҳәзирги ўақытта бул шөлкемлер арасындағы қатнасықларды және де жоқары шеклерге алып шығыў оғада әҳмийетли ҳәм бунда сырт ел тәжирийбеси, әлбетте, керек болады.
– Корея Республикасы Өзбекстанның ең исенимли ҳәм стратегиялық шериклеринен, – деди «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекетиниң баслығы Бобур Бекмуродов. – Бул мәмлекетте пуқаралық жәмийети институтлары өзине тән өзгешеликке ийе. Бул бағдардағы тәжирийбени мәмлекетимизде кеңнен қоланныў ушын KOICA менен тығыз биргеликте жумыс алып бармақтамыз. Корея ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик емес шөлкемлер форумын өткериў, мәмлекетимизде «Ақыл» орайларының жумысын кеңнен жолға қойған ҳалда, изертлеў орайларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Улыўма, Орайлық Азия пуқаралық жәмийети институтлары потенциалын арттырыўда, ири регионаллық жойбарларды турмысқа енгизиўде де Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң жәрдеми жаңа имканиятлар есигин ашады.
Өзбекстан ҳәм Корея арасында стратегиялық бирге ислесиў жолға қойылғанына 15 жыл толды. Енди пуқаралық жәмийети тараўында да жаңа басламаларды алға қойыў арқалы қатнасықты және де беккемлеў нәзерде тутылмақта.
– «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети менен бирге тек Өзбекстанда емес, ал Орайлық Азияда пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў тийкарғы мақсетимиз, – деп атап өтти KOICAның Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Пак Сунжин. – Корея Республикасында да бундай институтлардың жумысы жақсы жолға қойылған. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Кореяға мәмлекетлик сапары шеңберинде KOICA ҳәм Өзбекстан арасында меморандумға қол қойылды. Ўәкилханамыз мәмлекетиңизде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәмлекетлик басқарыўды муўапықластырыў сыяқлы бағдарларда избе-из бирге ислесиўди даўам еттиремиз.
Сөйлесиўде, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ҳуқықый, финанслық ҳәм институционаллық тәреплери, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң турақлы раўажланыў факторлары додаланды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы