Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Мәмлекетлик қарыз ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы атынан қаржы тартыў ҳәм мәмлекетлик кепилликти бериў оннан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен тәртипке салынады. Бирақ тараўдағы нызам ҳәм назамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерде мәмлекетлик қарызды басқарыўдың тийкарғы принциплери ҳәм мәмлекетлик қарызды басқарыў мақсетлери анықланбаған.

Мәмлекетлик қарызды басқарыў сиясатын белгилеўши тийкарғы ҳүжжет – мәмлекетлик қарызды басқарыў стратегиясын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў процеси ҳәм мәмлекетлик қарызды басқарыў бойынша бирден-бир ўәкиллик уйымы нызам дәрежесинде белгиленбеген, мәмлекеттиң шәртли миннетлемелери нызам менен тәртипке салынбаған.

Бул факторлар себепли мәмлекетлик қарыздың тез пәтлер менен өсип барыўы бақланбақта, мәмлекетлик қарыз бойынша зәрүр қаржыларды өз ўақтында төлеўде қыйыншылықлар жүзеге келмекте. Буның бәршеси келешекте мәмлекетлик қарыз ҳәм шәртли миннетлемелер көлеминиң кескин өсиўи ҳәм макроэкономикалық турақлылық ушын қәўип-қәтерлердиң артыўына алып келиўи мүмкин.

Усы мәнисте «Мәмлекетлик қарыз ҳаққында»ғы нызам жойбары ең әҳмийетли ҳүжжетлерден бири болып есапланады. Нызам жойбары менен мәмлекетлик қарыз суммасының ЖИӨге салыстырғанда ең жоқары муғдары 60 проценттен артпаўы, мәмлекетлик қарыз есабынан тек ғана социаллық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис палаталары, Есап палатасы, Министрлер Кабинети, Орайлық банк ҳәм Қаржы министрлигиниң мәмлекетлик қарызды басқарыў тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте. Атап айтқанда, мәмлекетлик қарызды басқарыўда парламенттиң ролин арттырыў мақсетинде Олий Мажлис палаталарына мәмлекетлик қарыздың шекленген көлемин белгилеў, мәмлекетлик қарызды басқарыў стратегиясының орынланыўын көрип шығыў ҳәм тартылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы ҳаққындағы есабатларын тыңлаў ўәкилликлери берилмекте.

Додалаўларда шығып сөйлеген депутатлар бул нызам жойбарының әҳмийетлилигин атап өткен ҳалда өз усынысларын билдирди. Соның ишинде, депутат Шуҳрат Полвонов Олий Мажлис палаталарының мәмлекетлик қарыз ҳаққындағы есабатларын тыңлаўы ҳәм қаржы министрлигиниң ўәкилликли уйым сыпатында парламентке есабат бериўине байланыслы нормалар тар шеңберде сәўлеленгенин атап өтти. Депутаттың пикиринше, нызам жойбарын усы әҳмийетли мәселеде парламент қадағалаўын толық ашып беретуғын статьялар менен толықтырыў зәрүр.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы