Усы жылдың 17-декабрь күни «ACWA Power» (Саудия Арабстаны) компаниясы менен республикамызда қурылатуғын 100 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясы (СЭС) жойбары бойынша келисимлерге қол қойылды. Жойбардың баҳасы 108 миллион АҚШ долларын қурайды.

Қараөзек самал электр станциясы жойбары Өзбекстандағы биринши самал энергетикасы жойбары болып, оның инвесторы ашық тендер нәтийжелерине қарай таңланған «ACWA Power» компаниясы бир кВт. саат ушын 2,5695 АҚШ цент тарифин усыныс етип, тендерде жеңимпаз болды.

Жойбарды әмелге асырыў ушын арнаўлы шөлкемлестирилген «ACWA Power Wind Karatau FE LLC» жуўапкершилиги шекленген жәмийети компаниясы «Өзбекстан миллий электр тармақлары» акционерлик жәмийети менен 25 жыл мүддетке электр энергиясын сатып алыў шәртнамасын дүзди. Сондай-ақ, «ACWA Power Wind Karatau FE LLC» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм «ACWA Power» компаниялары Қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы ҳүкимети менен мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы шәртнаманы (GSA) дүзди.

Ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде Энергетика министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банкиниң (ЕТРБ) ўәкиллери қатнасты.

Қараөзек районындағы самал электр станциясы «ACWA Power» компаниясының төртинши жойбары есапланады.

-Бул шәртнаманың дүзилиўи мәмлекетиңиз ҳәм компаниямыз ушын және бир табыс болды,-дейди «ACWA Power» компаниясының атқарыўшы вице-президенти Том Тирлинк. -Себеби бул Өзбекстан ҳүкимети менен өсип баратырған байланысларымызды ҳәм мәмлекеттиң энергетика тараўында либерал базарға өтиў процесин жеделлестириў бойынша миннетлемелеримизди беккемлейди.

Қарақалпақстан Республикасындағы усы СЭС жойбары Өзбекстан ҳүкиметиниң елимиздиң энергетика балансын диверсификациялаў ҳәм қайта тиклениўши энергиядан пайдаланған ҳалда қуўатлылықты арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған. 2026–жылға барып қуяш ҳәм самал энергиясының улыўма қуўаты 8 ГВт ны қураўы режелестирилген.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы