Усы жыл 20-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы болып өтти.
Сессияға сенаторлар, секторлар ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияда республикамызды 2021-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары және 2022-жылға белгиленген режелер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң мүрәжаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен быйылғы жылдың жуўмақлары ҳәм келеси жылға белгиленген режелер туўралы ҳәкимлердиң мүрәжатлары тыңланбақта. Бүгинги күнге шекем республикамыздың барлық қала ҳәм районларында ҳәкимлердиң кең жәмийетшиликке ҳәм халқымызға мүрәжаты қабыл етилди.
Жыл жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдың тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерине итибар қарататуғын болсақ, жыл жуўмағында жалпы аймақлық өним көлеми 108,7, санаат өнимлерин ислеп шығарыў қуўаты 111,6, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 105,5, қурылыс-бөлип алыў жумыслары 111,6, хызметлер көлеминиң 124,9 процент өсими күтилмекте. Халықтың жан басына санаат өнимлерин ислеп шығарыў алдыңғы 2020-жылға салыстырғанда 846,8 мың сумға артып, 8,1 миллион сумды қураўы ямаса 111,5 процентке өсиўи, хызметлер көлеми 1,1 миллион сумға артып, 4,5 миллион сумды (133,1 процент) қураўы күтилмекте. Сондай-ақ, 23100 жаңа жумыс орны жаратылып, бәнтлик бағдарламасының 105 процентке орынланыўына ерисиледи.
Бюджетке 1767,0 миллиард сумлық түсим түсиўи, соннан жергиликли бюджетке 1680,6 миллиард сум түсим түсириў және республикамыздың ықтыярында 66,5 миллиард сум еркин қалдық қаржысының қалыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан Республикасында быйылғы жылғы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына муўапық, жәми баҳасы 5 триллион 83 миллиард сумлық 756 жойбар иске түсирилип, соның есабынан 9206 жаңа жумыс орны жаратылды. Республикамызда 91,6 миллион долларлық сырт ел инвестициясы өзлестирилип, оның муғдары 2020–жылға салыстырғанда 112 процентке, жыл жуўмағы менен 124 миллион долларлық өним экспортқа шығарылып, өткен жылға салыстырғанда 122,4 процентке, экспортёр кәрханалардың саны 50 ге артыўы күтилмекте.
Быйылғы жылы «Темир дәптер»ге киргизилген 15189 шаңараққа, «Жаслар дәптери»не ҳәм «Ҳаял-қызлар» дәптерине киргизилген 94 мыңнан аслам пуқараға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетилип, жәми 3 қорға жергиликли бюджеттен 42,6 миллиард қаржы ажыратылды.
Быйылғы жылы 505,6 километр ишки жоллар оңланды. Сондай-ақ, 680,6 километр ишимлик суў тармағы қурылып, тәмийинленгенлик дәрежеси 68,1 процентке жетти. Электр тәмийнаты бойынша быйылғы жылы 843,6 километр тармақ ҳәм 207 дана трансформатор пунктлери реконструкцияланып, модернизация исленди. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 71 мыңнан аслам шаңарақтың, 1 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти ҳәм 180 нен аслам социаллық тараў мәкемесиниң электр тәмийнаты жақсыланды.
Социаллық тараў инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде быйылғы жыл даўамында 281 объектте, атап айтқанда, 46 балалар бақшасы, 206 улыўма билим бериў мектеби, 18 денсаўлықты сақлаў ҳәм 11 басқа да социаллық тараў мәкемесинде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, бул мақсетлерге 413 миллиард сумнан зыят қаржы жумсалды. Быйылғы жылы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 1304 ге, қамтып алыў 71,3 процентке жеткерилди. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларында да айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды.
Аўыл хожалығында дийқанлардың дәраматын көбейтетуғын, экспортқа қолайлы өнимлерди жетистириў үстинде тынымсыз жумыс алып барылды. Шөлкемлестирилген кластерлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде өнимдарлықтың сезилерли дәрежеде артыўына ерисилди.
Президентимиз Қарақалпақстан Республикасындағы сайлаўшылар менен ушырасыўында 2022-2026-жылларға режелестирилген тийкарғы ўазыйпалар менен мақсетли параметрлерди белгилеп берди. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасын келеси 5 жылда комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы ҳәм оның 2022-жылда орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды. Бунда тийкарғы итибар Президентимиз тәрепинен жаратылып берилген «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасы тийкарында жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў, сол арқалы кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты қысқартыў мәселесине қаратылады.
Сессияда депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Мүрәжаты бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Депутатлар «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары, Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары және нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды мәлимлемелери туўралы, Қарақалпақстан Республикасының 2022-жылғы социаллық тараў ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққындағы, Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты ҳәм тийисли қарарлар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети баслығы Б.Алиханов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери