17-декабрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊесиниӊ 38-сессиясы болып өтти.
Оған сенатор Г.Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты А.Реймов, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, қалада жайласқан бир қатар мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиӊ басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊесиниӊ депутаты Т.Дошекенов басқарып барды.
Онда Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаев қаланы 2021-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша кеӊ түрде баянат жасап, келеси жыл ушын ислениўи белгиленген режелер бойынша пайтахтымыз халқына мүрәжат жоллады.
Мүрәжатта қала ҳәкими атап өткениндей, 2021-жылдыӊ январ-ноябрь айлары даўамында 8 трлн 135 млрд 621,3 млн сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, бул халықтыӊ жан басына бөлгенде 24 млн 986,6 мыӊ сумды қураған.
Халық тутыныў товарлары бойынша болса, 566 млрд 100,5 млн сумлық өнимлер ислеп шығарылып, бул өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда өсиў көрсеткиши 104,5 процентти қураған.
Сондай-ақ, есабат дәўиринде 1 трлн 478 млрд 83,3 млн сумлық қурылыс жумыслары орынланып, бул көрсеткиш халықтыӊ жан басына есаплағанда 4 млн 539,6 мыӊ сумнан туўра келгенлигин көрсетеди. Соныӊ менен бирге, усақлап сатыў, инвестиция қаржыларын өзлестириў, «Ҳаял-қызлар» ҳәм «Жаслар дәптер»лери бойынша да бир қатар унамлы ислер әмелге асырылған.
Қалада экспорт географиясын кеӊейтиў мақсетинде, экспортқа өним шығарыўшы кәрханалар саны 29 ға жеткерилип, 11 айлық реже 123,2 процентке орынланған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 28-декабрьдеги 4936-санлы қарары тийкарында қала бойынша өткен айлар ишинде 14 объектте 76,4 млрд сумлық қурылыс жумыслары алып барылған. Атап айтқанда, улыўма баҳасы 2,7 млрд сумлық 1 мектеп, 6,5 млрд сумлық Балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасы, 5,5 млрд сумлық Ишки ислер министрлигиниӊ 75 орынлық реабилитация орайы, 3,5 млрд сумлық Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы имаратыныӊ реконструкциясы, 6,9 млрд сумлық Миллий гвардия хызметкерлериниӊ 5 қабатлы 30 квартиралы турақ жай қурылысы, 1,1 млрд. сумлық Ишки ислер министрлигиниӊ МООН имаратларыныӊ қурылыс жумыслары питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған.
Сондай-ақ, А.Досназаров. Әмир Темур, Беруний көшелерин абаданластырыў ушын 8,4 млрд сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги күнлери абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 11-марттағы Пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 19-апрельдеги 223-санлы қарарын орынлаў мақсетинде, «Жеке терек» МПЖ аймағынан банк кредити ҳәм исбилерменлер қаржылары есабынан бес 16 қабатлы 400 квартиралы турақ жай имаратыныӊ қурылыслары басланып, бүгинги күни соныӊ 1 жайы қурылды ҳәм әйне күнлери имаратта гербиш өриў, вентилация ҳәм электр тармақларын тартыў жумыслары жүргизилмекте.
Халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў бағдарында 4,8 млрд сумлық тармақларды реконструкциялаў ҳәм оӊлаў жумыслары исленген болса, автомобиль жолларын қурыў бойынша жергиликли бюджет есабынан 7,9 млрд сумлық 12,3 км жолды асфальтлаў, 1,05 млрд. сумлық 3,6 км жолға қум –шағылтас араласпасы төселген.
Келеси жылы қала аймағынан 2 улыўма орта билим бериў мектеби, 5 балалар бақшасы ҳәм бир қатар өндирис кәрханаларын жаӊадан қурыў режелестирилмекте,-деди қала ҳәкими өз мүрәжатында.
Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаевтыӊ халыққа жоллаған мүрәжатта, «Шымбай шайхана» сайлаў округинен депутат Яхшибийке Абдуллаева, «Бестөбе» сайлаў округинен депутат Алишер Реймов, сенатор Гүлистан Аннақлычевалар шығып сөйлеп, өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирип өтти.
Сессия жуўмағында көрилген мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ, сессиядан соӊ Нөкис қаласындағы 4 сектор баслықлары қатнасында журналист ҳәм блогерлер ушын баспасөз брифинги шөлкемлестирилип, онда сектор баслықлары ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниӊ қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы