Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында студент-жаслар, еркин турмысқа қәдем таслап атырған жигит-қызлар ушын жаңа хызмет енгизилди.
My.gov.uz арқалы «Бир миллион программист» бағдарламасы шеңберинде оқыў курсларын табыслы тамамлаған ҳәм сертификат алған жасларға компьютер сатып алыўы ушын тутыныў кредитлерин ажыратыў ҳәм олардың процент төлемлерин компенсациялаўға арза жибериўи мүмкин.
Буның ушын еки тәреплеме компьютер алды-сатты шәртнамасының нусқасы болғанының өзи жетерли. Арза 3 күннен 5 жумыс күнине шекем көрип шығылады.
Сондай-ақ, «Жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң шет тиллер ҳәм улыўма билим бериў пәнлери бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў қәрежетлериниң бир бөлегин ҳәм олар бойынша миллий сертификатлар алыў ушын өткерилетуғын имтиханларды тапсырыў қәрежетлерин бериў ушын арза ҳәм My.gov.uz мәнзили арқалы қабыл етиледи.
Онда үш тәреплеме шәртнама ҳәм төлем қағазы нусқасының өзи жетерли. Арза 15 күннен 30 күнге шекемги мүддетте көрип шығылады.
Ҳәр еки хызмет те бийпул.
Қарақалпақстан хабар агентлиги