Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде қол урысы бойынша ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери арасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубоги ушын жарыс болып өтти.

Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов сөзге шығып, елимизде Президентимиз басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажлдандырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери 9 салмақ категориясы бойынша өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы биринши, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы екинши, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубоги, медальлар, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги