Усы жыл 14-декабрь күни Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессияға, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияда Тахтакөпир районын 2021-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм кейинги жылларға белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Ж.Адиловтың район халқына мүрәжаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, районда соңғы жылларда барлық тараўларда бир қатар өзгерис, жаңаланыў, раўажланыў, халықтың турмыс дәрежесиниң артыўы көзге тасланбақта.
Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарларында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм тапсырмаларға муўапық, халықтың реал дәраматларын арттырыў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, 2021-жыл даўамында санаат кәрханалары тәрепинен 207,2 млрд. сумлық санаат өнимлериниң ислеп шығарылыўына ерисилди ҳәм өткен жылға салыстырғанда 102,3 процентти қурап, халықтың жан басына орташа 5116,1 мың сумды қурады.
Сондай-ақ, тутыныў товарларының көлеми 119 млрд. сумды қурап, өсиў дәрежеси 101,5 процентти, халықтың жан басына орташа 2 938 мың сумды, қурылыс жумысларының көлеми 83,4 млрд. сумды қурап, өсиў дәрежеси 104,4 процентти қурап, халықтың жан басына орташа 2059 мың сумды, район халқына жыл даўамында 105,3 млрд. сумлық хызметлер көрсетилип, өсиў дәрежеси 127,7 процентти қурап, халықтың жан басына орташа 2601 мың сумды қурады.
Аўыл хожалығында жетистирилген өнимлердиң көлеми 356,1 млрд. сумды, (2020-жылда 344,9 млрд) өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 103,2 процентти қурап, халықтың жан басына орташа 8800 мың сумға жеткерилиўине ерисилди.
2021-жылдың жуўмағы менен тиккелей 1 млн. 154 мың АҚШ долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилди.
Халықтын бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 409 жаңа жумыс орынлары жаратылып, реже 104,3 процентке орынланды.
Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын раўажландырыў фонды есабынан «Fәрезсизлик» МПЖ аймағындағы 3 км. ишимлик суў тармақларына 535,9 млн. сумлық реконструкциялаў жумыслары, «Арал бойы аймақларын раўажландырыў фонды» есабынан, «Тахтакөпир» ППЖ аймағында 1 млрд. 113 млн. сумлық 5 км, «Дәўир» ҳәм «Айдын жол» МПЖлары аймағына 1 млрд. 124 млн. сумлық 5,7 км, «Жаңадарья» АПЖ аймағында 225 млн. сумлық 2,9 км. ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў жумыслары толығы менен жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Ишки жоллардың жағдайын жақсылаў мақсетинде баҳасы 12 млрд. 105 млн. сумлық 6 км ишки көше жолларына оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Электр тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 3,7 млрд. сумлық 38,4 км. электр тармақлары тартылып, 5 дана ТП жаңадан орнатылды.
Сондай-ақ, халықтың жасаў шараяты аўыр бар болған «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Республика бюджети қаржылары есабынан 1 млрд. 500 млн. сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды.
2021-жылы «Абат аўыл» бағдарламасына «Белтаў» ҳәм «Жаңадәрья» АПЖлар киргизилип, бул еки аймақта жәми 10,2 млрд. сумлық қурылыс оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды.
«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлар, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм камбағаллықтан шығарыў бойынша көрилген шаралар, «Ҳаял-қызлар» ҳәм «Жаслар» дәптерлерин қәлиплестириў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылды.
Усы илажлар басланған ўақытта, район аймағындағы халықтың жасаў шараятлары қайта үйренип шығылып, кем тәмийинленген ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған 960 шаңарақлардың дизими қәлиплестирилди ҳәм дәптерге киргизилди.
Бул шаңарақларды аталыққа алыў, қәўендерлерге бириктириў ҳәм де жумысқа жарамлы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.
Бүгинги күнге дейин кем тәмийинленген шаңарақларға жәми 2 млрд. 450,0 миллион сумнан аслам муғдардағы тийкарғы түрдеги азық-аўқатлық өнимлер, 126 шаңараққа 147 бас қара мал, қой-ешки, 70 шаңараққа 3200 дана таўық, 246 шаңараққа 115 млн. сумлық нақ пул, 51 шаңараққа 7,5 млн. сумлық дәри-дармақ ҳәм 73 шаңараққа 8,5 млн. сумлық коммуналлық төлемлерден қарыздарлықларын төлеп бериў аркалы жәрдемлер көрсетилди.
Сессияда ҳәким мүрәжаты бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессия жуўмағында сектор басшыларының қатнасыўында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Б.Матмуратов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги