Мәмлекетимизде ҳәзирги күнде әдебият, көркем өнер ҳәм мәдениятты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әдебияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан, өлмес көркем шығармалары менен халықтың меҳирине ийе болған шайыр ҳәм жазыўшылардың қутлы жаслары кең көлемде белгиленип атырғаны да пикиримизди дәлиллейди.
Әлийшер Наўайы атындағы мәмлекетлик академиялық үлкен театрда мине усындай шығармалары арқалы миллионлаған китапқумарлар қәлбинен орын алған дөретиўши – Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Ариповтың туўылған күниниң 80 жыллығына бағышланған әдебий-көркем кеше болып өтти.
Мәденият министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте шайырдың атын мәңгилестириў, дөретиўшилигин үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, шайыр ҳәм жазыўшылар, әдебияттаныўшылар, сырт елли мийманлар, студентлер, дөретиўши шөлкемлер және кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Театр сахнасында орнатылған үлкен мониторда шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилик жумысы, Өзбекстан мәмлекетлик гимниниң жаратылыў процеси ҳәм елимиздиң дыққатқа ылайық орынлары сәўлелендирилген видекөринислер көрсетилди.
Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид, ТҮРКСАЙ халықаралық шөлкеминиң Орайлық Азия бойынша ўәкили Хожагелди Күлтегин, Тәжикстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Тәжикстан халық шайыры Нызам Қасым, Қырғыз Республикасы Миллий жазыўшылар аўқамының баслығы Нурлан Қаллыбеков, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы Кеңесбай Каримов ҳәм басқалар Абдулла Ариповтың бай әдебий мийрасының түркий халықлар әдебиятының раўажланыўындағы орны ҳәм әҳмийети, уллы шайырдың өмир жолы, жәмийетлик ғайраткер сыпатындағы жумысы ҳаққында сөз болды.
Абдулла Арипов дегенде халқымыздың көз алдында өзиниң бийбаҳа таланты ҳәм миллий әдебиятымыздың раўажланыўына айрықша үлкен үлес қосқан уллы дөретиўшиниң көриниси пайда болады. Уллы сөз зергери қыйын бир дәўирде халқымыздың арзыў-әрманларының жыршысы болған дәўжүрек шайыр сыпатында ортаға шықты. Шайыр жанажан елимизди шексиз меҳир менен «Өзбекстан Ўатаным мениң», деп бәлент ҳаўазда жырлай алған үлкен мәртлик ийеси болып есапланады.
Президентимиздиң 2020-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Қаҳарманы ҳәм халық шайыры Абдулла Арипов туўылған күниниң 80 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары шайырдың атын мәңгилестириў, дөретиўшилигин үйрениў, кеңнен үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли қолланба болып хызмет етпекте.
Атап айтқанда, өткен дәўир даўамында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте усы қарардың орынланыўы бойынша системалы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, усы жылы «Абдулла Арипов дөретиўшилик мийрасының өзбек ҳәм жәҳән әдебий – эстетикалық пикир-ойының раўажланыўындағы орны» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция, Жазыўшылар бағында Абдулла Арипов туўылған күниниң 80 жыллығына бағышланған еслеў кешеси, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында «Кишкене жулдыз жилўалары» поэзиялық беллесиўлери, билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери, мәҳәллелер, әскерий бөлимлер және Жазыўшылар бағында белгили дөретиўшилер, илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында шайырдың дөретиўшилигине бағышланған ҳәр қыйлы ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм китапқумарлық кешелери өткерилди.
Шайырдың шығармаларын басып шығарыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде 2 томлық «Таңламалы шығармалары», Абдулла Ариповтың жәмийетшиликке жәрияланбаған дәслепки қосықлары тийкарында таярланған «Шайырдың туўылыўы» топламлары, Абдураҳим Эркаевтың «Абдулла Арипов даналығы», шайыр ҳаққындағы еслеўлерден ибарат «Өзбекстан – дилбар ўатаным» және қарақалпақ тилинде «Ағар дәрья», түркмен тилинде «Сен бәҳәрди сағынбадын ба!», сондай-ақ, «Абдулла Ориповты заманласлары еске алады», «Мениң Өзбекстаным» атлы өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде китаплары басып шығарылды.
Илажда Абдулла Арипов атындағы дөретиўшилик мектебиниң оқыўшылары, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң студентлери тәрепинен белгили шайырдың қосықларынан үлгилер оқылды. Елимиз ардағындағы көркем өнер ийелериниң қосықлары, Өзбек мәмлекетлик театрының дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен Абдулла Ариповқа өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышлап сахналастырылған «Жыллар әрманы» атлы спектакльден үзинди қойып берилди.
Илаж шеңберинде Абдулла Арипов дөретиўшилигине байланыслы китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди. Мийманларға «Таңламалы шығармалары», «Мениң Өзбекстаным», «Ветер моего края» ҳәм «Абдулла Арипов даналығы» китаплары саўға етилди.
Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувоҳитов қатнасты.
Файзулло ЯХЁЕВ,
ӨзАның хабаршысы