Усы жыл 10-декабрь күни Хожели районы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлап, Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген ийгиликли идеяны турмысқа кеңнен енгизиў мақсетинде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик хызметлер орайларының пуқараларға қолайлықлар жаратыўға итибар қаратып, олардың жасап турған орынларында, соның ишинде, алыс аймақларда мәмлекетлик хызметлерди көрсетип атырғанлығын айрықша атап өтти.
Бүгинги күни Хожели районындағы Мәмлекетлик хызметлер орайында пуқараларға 160 тан аслам мәмлекетлик хызмет түрлери көрсетилип келинбекте. Заманагөй, ең соңғы мәлимлеме-технологиялық қураллары менен тәмийинленген бул имаратта енди хызметкерлер ҳәм пуқаралар ушын барлық қолайлықлар жаратылған.
Соны да айрықша атап өтиў керек, пуқараларға қолайлылар жаратыў, артықша әўерегершиликлердиң алдын алыў, олардың ўақтын тежеў мақсетинде орай имаратында Халық қабыллаўханасы, районлық ПҲАЖ бөлими жайластырылған. Бул өз гезегинде пуқаралар ушын бир жердиң өзинде бир нешше жумысын питкерип кетиў имканиятын береди.
Ҳәр тәреплеме заманагөй қолайлықларға ийе болған Мәмлекетлик хызметлер орайының пайдаланыўға тапсырылыўы халқымызға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўге шараят жаратады. Илаж қатнасыўшылары жаңа имараттағы қолайлықлар менен танысып буның айқын гүўасы болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери