Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Оны Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилисин 2021-жыл 15-декабрь күни шақырыў ҳаққында қарары қабыл етилди.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелер көрип шығылыўы нәзерде тутылған. «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы, «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы, «Жаслар менен ислесиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 245- ҳәм 245ҳ-статьяларына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Исбилерменлер күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамлар солар қатарына киреди.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджеттиң 2021-жыл тоғыз айындағы орынланыўы, Ташкент қаласы ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў, Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-жәмийетлик раўажландырыў бойынша белгиленген илажлар орынланыўының барысы бойынша есабатлары тыңланады.
Жалпы мәжилисте экспорт көлеминиң турақлы өсиўин тәмийинлеў ҳәм оның номенклатурасын диверсификациялаў бойынша көрилип атырған илажлар және Айдар-Арнасай көллер системасында пайда болып атырған машқалалардың экология және халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериў мәселелери де көрип шығылады.
Сондай-ақ, сенаторлар суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин додалайды.
Парламент жоқары палатасының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың өткен дәўириндеги жумысы ҳаққындағы есабатын да тыңлаў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Кеңес мәжилисинде Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыў бойынша илажлардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды алып барыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы