Ташкент қаласындағы «International Hotel Tashkent» мийманханасында 8-декабрь күни Өзбекстан Республикасының басшылығында «Италия – Орайлық Азия» тәризиндеги екинши министрлердиң конференциясы болып өтти.
Конференцияның биринши мәжилиси 2019-жыл 13-декабрьде Римде болып өткен.
Илажда Орайлық Азия мәмлекетлери, Италия ҳәм Европа Аўқамы сыртқы сиясий уйымларының басшылары, экономикалық ҳәм финанслық структуралар, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, Италия сыртқы ислер ҳәм бирге ислесиў министри Луижи Ди Майо конференцияның актуальлығы ҳәм үлкен әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Бул ретки мәжилис күн тәртиби ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлер себепли регион мәмлекетлери алдында пайда болып атырған машқалаларды аўызбиршилик пенен сапластырыўға қаратылғаны атап өтилди.
Конференция үш өз алдына жалпы сессия тәризинде өткерилип, «Орайлық Азиядағы ҳәзирги қәўип-қәтерлер ҳәм жаңа имканиятлар, миллий үстинлик», «Халықаралық ҳәм регионаллық экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери», «Денсаўлықты сақлаў тараўының тийкарғы бағдарлары ҳәм коронавирусқа қарсы биргеликте илажлар ислеп шығыў» темаларын қамтып алды.
Делегациялар Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Италия арасындағы өз-ара бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм келешегин додалады, заманагөй қәўип-қәтерлерге биргеликте жуўап бериў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Региондағы экологиялық машқалаларды шешиў, экстремизм ҳәм терроризм сыяқлы трансмиллий қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, сондай-ақ, миллетлераралық татыўлық, халықаралық дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын беккемлеў жоллары талланды.
Регионаллық экономикалық шерикликти жетилистириў, саўда-инвестиция, транспорт ҳәм транзит тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў механизмлери көрип шығылды. Энергетика, агробизнес ҳәм санаат үскенелери тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Пандемияға қарсы гүресиў ҳәм кеселлик ақыбетлерин сапластырыў илажлары бойынша пикир алмасылып, денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
– «Италия – Орайлық Азия» тәризиндеги министрлердиң екинши конференциясы ушын әйне Ташкент таңланғаны бийкарға емес, – деди Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Тери Хакала. – Өзбекстан, бүгинги күнде регионаллық шерикликти беккемлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериў ҳәм сол арқалы глобаллық машқалаларға да өзиниң объектив позициясын билдириўде оғада белсенди. Ойлаўымша, ЕА ҳәм Өзбекстан арасында жолға қойылған избе-из мүнәсибет бул форматтағы бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин тәмийинлеўге де жәрдемлеседи.
Илаж шеңберинде «Орайлық Азия ҳәм Италия арасындағы илимий бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективасы» атамасында Орайлық Азия ҳәм Италияның жетекши экспертлери басқарыўының концептуал моделлери, турақлы ҳәм инклюзив раўажланыў, мәдений мийрасты қорғаў ҳәм үгит-нәсиятлаў, илимий, академиялық байланысты жеделлестириў бойынша пикирлести.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы