Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиң мирәт етиўине бола, 5-6-декабрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Қазақстанда болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Нур-Султан қаласында жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер болып өтеди, оларда дос халықларымыз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў жоллары көрип шығылады.
Сиясий сөйлесиў ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, бәринен бурын, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында әмелий байланыслар ҳәм анық кооперация жойбарларын алға қойыў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын жеделлестириўдиң әҳмийетли мәселелери де күн тәртибине киргизилген.
Буннан тысқары Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери халықаралық мәселелер бойынша пикир алысады ҳәм регионаллық интеграцияның тийкарғы бағдарларын додалайды.
Саммит жуўмағында салмақлы еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойыў режелестирилген.
Сапар алдында Нур-Султанда еки мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм исбилерменлериниң қатнасыўында бизнес-форум да өткериледи.
ӨзА