Өзбекстан Республикасының «Майыплығы болған адамлардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызамына муўапық:
– Шөлкемлер майыплығы болған адамлардың спорт объектлери, дем алыў, сондай-ақ, туристлик объектлерден бийпул пайдаланыўын тәмийинлеў ушын зәрүр шараятларды жаратады;
– Мәмлекет майыплығы болған адамларға, пуқараларға бийпул медициналық жәрдем көрсетиўдиң мәмлекетлик кепилликлери бағдарламасы шеңберинде қәнигели медициналық жәрдем көрсетилиўи бойынша илажларды әмелге асырады;
– Мәмлекет майыплығы болған балалардың бийпул улыўма орта, мектептен тыс, орта арнаўлы ҳәм профессионал билим алыўына кепиллик береди;
– Майыплығы болған адамлар ушын жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында абитуриентлерди қабыллаў бойынша улыўмалық санының 2 проценти муғдарында қосымша қабыллаў квотасы ажыратылады;
– Майыплығы болған адамлар санаторий-курортта бийпул саламатластырыў, сондай-ақ, дәри-дармақлар, майыплығы болған адамларды емлеў ушын арналған медициналық буйымлар және майыплығы болған балалар ушын арнаўлы емлик қәсийетке ийе азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлениў ҳуқықына ийе;
– Майыплығы болған адамлар жеңиллестирилген шәртлер тийкарында социаллық турақ жай алыў ҳуқықына ийе;
– Мийманханаларда кеминде бир бөлме орынлы арбашадан пайдаланатуғын майыплығы болған адамлар ушын қолайлы етип үскенелениўи, сондай-ақ, еситиў ҳәм көриў бойынша майыплығы болған адамлар ушын дисплейлер және даўыслы қурылмалар орнатылыўы шәрт;
– Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары майыплығы болған адамларға жергиликли бюджет қаржылары есабынан қосымша социаллық кепилликлер белгилеў ҳуқықына ийе.
Таярлаған: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.