Соңғы ўақытлары республикамыздың ғалаба хабар қуралларында ана тилимиздиң бүгинги жағдайы ҳәм келешеги туўралы жийи сөз етилмекте. Оларда орын алған мәселелер ҳәр бир саналы инсанды ойға талдырады.

Себеби, жасырарлығы жоқ соңғы жыллары мәмлекетимизде өзбек тилинде жүргизилетуғын рәңбәрең теле ҳәм радиоканаллардың адамларымыз санасына тәсири шығар бәлким, ҳәзир көпшилик балаларымыз ҳәм жасларымызда қарақалпақшаға қарағанда өзбекшени араластырып сөйлеў үрдиске айланып баратыр.

Сондай-ақ, айырым лаўазымлы хызметкерлер де телевидение яки радиоға интервью бергенинде, пресс-конференция яки жыйналыслар өткергенде ерксиз түрде шубарлап сөйлегенлериниң гүўасы болып жүрмиз.

Лекин, кең жәмийетшилигимиз арасында өз хызмет ўазыйпасы менен бирге, ана тилимиздиң тазалығына да айрықша жуўапкершилик пенен қарайтуғын заманласларымыз да көпшиликти қурайды.

Усындай заманласларымздың бири сыпатында отставкадағы подполковник, бүгинги күни Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы мектебинде Жасларды шақырыққа шекемги таярлаў  пәнинен оқыўшыларға тәлим берип киятырған Мақсетбай Пиримбетов болып табылады.

Мақсет аға мектепте сабақ өтетуғын арнаўлы пән кабинетине кирер екенбиз, дийўалларда әскерий терминлер, ондағы басшылар, әскерий хызметкердиң миннети ҳәм ўазыйпалары, сондай-ақ, басқа да көргизбе қураллардың сап қарақалпақ тилинде жазылып баннер сыпатында илиўли турғанлығына көзимиз түседи.

-Сизлерге бул баннерлерди қарақалпақ тилинде жоқары турыўшы уйымлар таярлап берди ме?,-деп сорадым Мақсет ағадан қызықсынып.

-Яқ. Мен олардың барлығын еринбестен қарақалпақшалап шығартып алдым,-дейди ол.- Буның ҳеш қандай машақаты жоқ. Тек ғана азмаз ўақыт ажыратып, жүдә аўдарма ислей алмасаң тилши қәнигелер менен кеңессең ислеп таслаўға болады. Ең тийкарғысы, ҳәр бир инсан қәлбинде ана тил ҳәм ана Ӯатанға деген сүйиспеншилик керек…

Әлбетте, «Шуҳрат» медалы ҳәм Халықаралық Әмир Темур жәмийетлик фондының естелик белгиси ийеси Мақсет аға Пиримбетовтың айтқан сөзинде жан бар. Лекин, бул сөзлерди ҳәр ким өзинше түсинеди…

 

Адилбай Оразов,

Нөкис районлық ХББ не қараслы 18-санлы мектептиң

Мәдений-дөретиўшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги