Усы жыл 11-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң мәжилиси болып өтти.

Онда усы комитеттиң, «Экспертлер топары»ның, Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша Уыймлар аралық жумысшы топарының ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Комитет баслығы Б.Алиханов басқарып барған мәжилисте атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти болып сайланған Ш.Мирзиёевтиң өз лаўазымына кирисиўге бағышланған салтанатлы мәжилисте шығып сөйлеген сөзи кең жәмийетшиликте, соның ишинде, халықаралық шеңберлерде үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимиздиң раўажланыўында түпкиликли өзгерислер жүз берип, мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеўге тийкар болатуғын үлкен табыслар қолға киргизилди. Миллий мәмлекетшилик, рухый қәдириятлар, үрп-әдетлер, дәстүрлер қайта тикленди. Сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыў пүткиллей жаңа сапа басқышқа көтерилди. Бул бағдарда Ҳәрекетлер стратегиясы әҳмийетли фактор болып хызмет етти. Соңғы 5 жыл ишинде қәлиплескен «Жаңа Өзбекстан» модели өзин толық ақлап атырғанлығы бүгин айқын көзге тасланбақта.

Өзбекстанның жәҳән сахнасындағы абырайының артқанлығы ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алыныўы, узақ ҳәм жақын сырт еллери, ең дәслеп, Орайлық Азия мәмлекетлери менен өз-ара бирге ислесиўдиң раўажланғанын соңғы жыллары ерисилген жетискенликлерден көриўимизге болады. Бул бағдарда Президентимиздиң басшылығында ақылға уғрас, тынышлықты сүйиўши, жақын қоңсышылық, конструктивлик сыртқы сиясат алып барылмақта.

Билимлендириў тараўында да түпкиликли өзгерислер жүз берип, реформалардың нәтийжеси бүгин айқын сезилмекте. Әлбетте, бул өзгерислер инсанлардың жасаўға болған талабының артып барыўына, олардың денсаўлығына, шаңарақтағы тынышлық-татыўлығына, өз гезегинде, мәмлекетимиздиң абадан келешегине болған исениминиң және де беккемлениўине хызмет етпекте. Жақында болып өткен Президент сайлаўында халқымыздың таңлаўы буның айқын мысалы болып табылады.

Елимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Арал теңизиниң қурып кетиўи нәтийжесинде жүзеге келген жағдай ҳәм оны сапластырыў бойынша ислениўи тийис болған ўазыйпаларға да айрықша тоқтап өтти. Арал бойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы сыпатында жәриялаў бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының  резолюциясын турмысқа енгизиўге байланыслы системалы ҳәм комплексли илажларды әмелге асырыў, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жаңа экологиялық сиясат тийкарларын шөлкемлестириўге қаратылған Пүткил жәҳән экология хартиясын ислеп шығыў бағдарындағы жумысларын жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Сенаторлар елимиз басшысы тәрепинен алға қойылған абадан күнлеримизди тәмийинлеп бериўши үлкен идеяларды әмелге асырыў ушын ҳәмме бирлесип, раўажланыў жолындағы арттырылған тәжирийбелеримизден келип шығып, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында барлық тараўлар менен тармақлар, регион ҳәм аймақлар, атап айтқанда, ҳәр бир пуқаралар жыйыны бойынша өз алдымызға буннан да жоқары ўазыйпалар қойыў зәрүрлиги атап өтти. Сондай-ақ, мәжилисте Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша Уйымлар аралық жумысшы топарының жумысы, алдағы режелер додаланды. Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң басшылығында Уйымлар аралық жумысшы топары «Жол карта»сы ҳәм «Медиа реже»си тийкарында теңиздиң қурыған түбинде тоғайзарлық пайда етиў бойынша мисли көрилмеген дәрежеде әмелге асырылған жумысларға бағышланған видеороликти таныстырыў мәресими болды.

Буннан тысқары, Олий Мажлис Сенатының «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының  2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажларының орынланыўы үстинен  парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленип, тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги