Мәмлекетимизде жаслардың оқып билим алыўы, ҳәр тәреплеме раўажланған, физикалық жақтан саламат, бәркамал болып жетилисиўи ушын барлық шараятлар, имканиятлар жаратылған.
Ал, жасларымыздан болса, усы жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў талап етиледи. Себеби, елимиздиң гүллеп раўажланыўында ертеңги күн ийелери болған жаслардың орны гиреўли.
Жасларға мәмлекетимиздеги әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин түсиндириў, олардың билим алыўы ушын жаратылған имканиятлар менен таныстырып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2021-жыл 10-сентябрь күни өткерилген видеоселекторда министрликлер ҳәм шөлкем басшыларына бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы мүнәсибет пенен 30-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов Нѳкис қаласындағы И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектепте болып жаслардың билим алыўы ушын мектептеги жаратылған шараятлар менен танысты.
Мектеп жаслары менен ѳткерилген ушырасыўда Жаңа Ѳзбекстанды ҳәм оның қурамында жаңа Қарақалпақстанды қурыўда жаслардың бүгинги тәлим-тәрбиясының әҳмийети ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың баслы мақсети халқымыз ушын жақсы турмыс шараятын жаратыў екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда жаслар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги