Торонто (Канада) ҳаял-қызлардың жасаўы ҳәм ислеўи ушын ең жақсы ҳәм қәўипсиз қала деп табылды. Бул ҳаққында 26-октябрь күни Bloomberg агентлиги хабар берди.

Агентликтиң эксперт ҳәм журналистлери ҳаял-қызлардың абадан жасаўы ушын қолайлы болған ири елатлы пунктлер рейтингин дүзип шықты.

Басқа аймақлардан келген жумысшы ҳаял-қызлар ушын ең тартымлы болып есапланған 15 мегаполис үйренилди.

Қәнигелер төмендеги нормаларды еспақа алды: қәўипсизлик дәрежеси, мобильлик, теңлик, ҳаял-қызлар дәраматы, сондай-ақ, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысындағы ҳаял-қызларға жеңилликлер менен напақаларды ажыратыў көлеми ҳәм шәртлери және басқалар. Буннан тысқары, изертлеў шеңберинде үйренилип атырған ҳәр бир қаладан 200 ге шамалас жумысшы ҳаял-қызлар сораўнамада қатнасқан.

Күшли онлықтан Канаданың Торонтосынан тысқары Сидней, Сингапур, Париж, Лондон, Берлин, Токио, Гонконг, Нью-Йорк ҳәм Амстердам орын ийелеген. Рейтингте ақырғы орынды Бразилияның Сан-Паулу қаласы ийеледи.

Сораўнамада, сондай-ақ, ири қалалардағы көплеген қызлар таныс емес адамлардың тәрепинен қолайсыз ис-ҳәрекетлерине ушырасып атырғаны анықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги