Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына санаўлы күнлер қалды. Президентликке талабанлардың исенимли ўәкиллери тәрепинен орынларда сайлаўшылар менен ушырасыўлары қызғын даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Абат Данияров Әмиўдәрья ҳәм Қоңырат районларында сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўларда исенимли ўәкил Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасы туўралы кең түрде мағлыўмат берди. Бағдарламада алға қойылған басламалар, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, әсиресе, аўыллық жерлердеги инфраструктураны заман талаплары дәрежесине көтериў, медицина, билимлендириў, энергетика, мәденият, ағартыўшылық, аўыл хожалығы тараўлары бойынша белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтилди.

Бағдарламада белгиленгениндей, Қарақалпақстан Республикасының аўыл хожалығын илимий тийкарда интенсив раўажландырыў арқалы дийқан ҳәм фермерлердиң дәраматлары еки есеге арттырылып, оның жыллық өсиў дәрежеси кеминде 5 процентке жеткерилиўи, аўыл хожалығында мәмлекеттиң араласыўы сапластырылып, еркин базар қатнасықлары енгизилиўи, дийқанлар ушын субсидиялар ажыратылыўы, тараўда кластерлер менен фермерлердиң жумысларын қаржыландырыў және қамсызландырыўдың пүткиллей басқаша механизмлери енгизилиўи нәзерде тутылып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер халықтың турмысын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы  мағлыўматлар берип, өз пикир-усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги