Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев Сайлаў системалары халықаралық қорының Европа ҳәм Евроазия бойынша бағдарламаларының қәнигелери менен ушырасты.
Ушырасыўда ОСК басшысы IFES ўәкиллерине мәмлекетте пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, болажақ Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўларына таярлық ҳаққында мағлыўмат берди.
– Сайлаў системалары халықаралық қоры пуқаралардың еркин ҳәм әдил сайлаўларда қатнасыў ҳуқықын қоллап-қуўатлайтуғынын айрықша атап өтиўди қәлеймен. Қордың тәжирийбеси әҳмийетли мәселелерге узақ мүддетли шешим табыў мақсетинде сайлаў системасын беккемлейди ҳәм оның ушын жергиликли ресурсларды жаратады. Қор пүткил жер жүзи бойлап басқарыў ҳәм демократиялық ҳуқықларды алға қойыў бойынша инновациялық басламаларды қоллайды. Сиясий процесслерге халық ўәкиллериниң қатнасыўын және де кеңейтиў, сайлаў процесслерин жақсылаў ушын әмелий изертлеў нәтийжелерин қолланыў бойынша бай тәжирийбеге ийе,-деди З.Низомхўжаев.
Пуқаралардың еркин ҳәм әдил сайлаўларда қатнасыў ҳуқықын тәмийинлеўде қордың орны айрықша атап өтилди. IFES тәжирийбеси сайлаў системасын беккемлеў ҳәм жергиликли ресурслардың салмағын кеңейтиўге үлес қосады, бул болса өз гезегинде, әҳмийетли мәселелердиң келешектеги шешимлерин табыў имканиятын жаратады.
Ушырасыўда тәреплер Сайлаў системалары халықаралық қорының Орайлық сайлаў комиссиясы менен бирге ислесиў бағдарлары ҳәм оны және де беккемлеў жолларын додалады.
IFES тиң Европа ҳәм Евроазия бойынша бағдарламаларының үлкен менеджери Энтони Бойер Өзбекстанда сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў тәртибин жетилистириў бойынша алып барылып атырған жумысларды жоқары баҳалап, қордың еркин сайлаў комиссиялары жумысының нәтийжелилигин арттырыўға, сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятын жетилистириўге қаратылған жойбар бағдарламасын әмелге асырыў арқалы миллий сайлаў процесин қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.
– Халықаралық сайлаў системалары қорының еки ўәкили, яғный бизлер Өзбекстанға сайлаў системасын қоллап-қуўатлаў ушын келдик. Бизиң ўазыйпамыз тек ғана 24-октябрьде болып өтетуғын Президент сайлаўында қатнасып, оны бақлаў емес, ал кейин ала 2024-жылы болатуғын парламент сайлаўларына шекем сайлаў системасын және де жетилистириўге жәрдемлесиўден ибарат. Сайлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм барлық сайлаўшыларға шараят жаратыў бойынша бирге ислесемиз. Сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятын жетилистириў, мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған жумыс алып барамыз,-деди Халықаралық сайлаў системалары қорының үлкен эксперти Тамар Жвания.
ОСК потенциалын арттырыўда ОСК ағзаларын оқытыў арқалы кәсиплик этика принциплерин алға қойыў, сайлаў комиссияларының хызметкерлерин сайлаў процесин басқарыўға байланыслы, сайлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм барлық сайлаўшыларға шараят жаратыў сыяқлы барлық мәселелер бойынша оқытыў, халықтың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, сайлаўшыларды дизимге алыў системасын жетилистириўде техникалық жәрдем көрсетиў жолы менен сайлаўшыларға даўыс бериўде қатнасыў имканиятын жақсылаўға байланыслы мәселелер бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Ушырасыўда тәреплер ОСК ҳәм қор арасында және де системалы байланысларды раўажландырыў зәрүр екенлиги ҳаққында өз-ара пикир билдирди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы