Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиз Қурралы Күшлериниң жаўынгерлик таярлығын арттырыўдағы айрықша хызметлери, миллий мәплеримизди қорғаў, нызам үстинлигин ҳәм тынышлықты тәмийинлеў, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти беккемлеў бағдарындағы абырайлы ўазыйпасын орынлаў ўақтында мәртлик, ерлик ҳәм пидәкерлик көрсеткени, тараўда жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы көп жыллық жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Мардлик» ордени менен

Темирханов Айтбай Жақсымович – Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри

«Дўстлик» ордени менен

Байжанов Көмекбай Қалмуратович – Шымбай районы мәмлекетлик салық инспекциясының баслығы

Жанибекова Арзыбийке – Қарақалпақстан Республикасы юридикалық техникумы директорының биринши орынбасары

Жуманиязова Шаида Миирмановна – Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Хожели» шегара бажыхана постының аға инспекторы

«Жасорат» медалы менен

Қайырбаев Данияр Асқарбаевич (марҳум) – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының жол-патруль хызмети инспекторы

Рзамуратов Уснатдин Зарлыкович (марҳум) – Бозатаў районы ишки ислер бөлими баслығының орынбасары

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Машарипов Улуғбек Аўезбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы

Нурымбетова Дильбар Бердибаевна – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасының юридикалық топары бас юрисконсульты

Омаров Қуралбай Жумабаевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети батальон бөлиминиң командири

Халмуратов Полат Пиржанович – Тахтакөпир районының прокуроры

Хожиматов Олимжон Хамиджанович – Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының баслығы

Юсупов Камилжан Абдикаримович – Қарақалпақстан  прокуратурасының бөлим үлкен прокуроры

«Шуҳрат» медалы менен

Аяпов Абатбай Қонысбаевич – Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судьясы

Даўекеев Азамат Караматдинович – Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайының директоры

Кенжаев Усман Парахатович – Беруний районы ишки ислер бөлиминиң профилактика аға инспекторы

Қосанов Полат Сапарбаевич – Шоманай районы ишки ислер бөлиминиң профилактика аға инспекторы

Нурадинов Сагатдин Мухамадинович – Нөкис қаласы бойынша ишки ислер уйымлары жумысының муўапықластырыў басқармасы баслығының орынбасары – тергеў бөлиминиң баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-август