Бүгин, 2024-жыл 18-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары, ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Мәжилис процесслери Сенаттыӊ YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн сәўлелендирилмекте.
Мәжилисте «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы, «Салық ҳәм бюджет сиясатыныӊ 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасыныӊ Салық кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылады.
Буннан тысқары, «Космослық жумыс ҳаққында»ғы, «Ипотека кредити базары және де раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Корпоратив қатнасықлардыӊ ҳуқықый тийкарлары және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Адам саўдасы жынаяты ушын жаза илажлары күшейтилип атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 135-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине қоысмша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.
Жалпы мәжилисте додаланатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барыӊ!
Н.Абдураимова, Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА