Жақында қабылланған “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳаққында”ғы нызамға бола, бул структура пуқаралардың, республика аймағында турған сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың, юридикалық тәреплердиң инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин бузып атырған шөлкемлердиң яки лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги бойынша берген шағымларын көрип шығады ҳәм өз тексериўин өткериў ҳуқықына ийе.

Омбудсман пуқаралардың мүрәжатлеринде көтерилген машқалаларға системалы шешим усыныс етиў ҳәм ҳуқықый бослықларды толтырыў бойынша мониторинг ҳәм талқылаў жумысын әмелге асырады.

Нызам менен Омбудсманға нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў ҳуқықы беккемленди.

Ташкент қаласында “Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдағы ўәкилликлери” темасында өткерилген дөгерек сәўбетинде усы ҳаққында сөз етилди.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Өзбекстандағы жойбарлары координаторы менен биргеликте өткерилген илажда сенатор ҳәм депутатлар, мәмлекетлик уйымлар, жергиликли ҳәкимият ўәкиллери, суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллери қатнасты.

Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша жаңа нызамшылық механизмлерине жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў мақсетинде өткерилген илажда Омбудсман топламы хызметкерлери қатнасыўшыларға Омбудсманның пуқаралардың мүрәжатлери менен ислесиў, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынларға әмелге асырылатуғын мониторинг ислери ҳәм басқа жумыс бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары арасындағы бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў, жәмийетшиликтиң қадағалаўын күшейтиў бойынша өз-ара пикир алысты.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы