Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен  миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлери жумысларының нәтийжелилигин арттырыў және миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўге үлес қосқан түрли кәсип ийелери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылы 1-июнь күнги қарары менен шөлкемлестирилген «Халықлар дослығы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Олардың арасында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Даўыт Абибуллаевта бар. Кәсиплесимизди бул сыйлығы менен қутлықлап, алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги