Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти Гүлнур Сәрсенова Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды.

Өзбекстан Көркем өнер академиясының хабар бериўинше, стипендия таңлаўына Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларынан улыўма 39 студенттиң ҳүжжетлери келип түскен болып, экспертлер топарының тийисли қарары менен олар арасынан 7 студентке мәмлекетлик стипендия таңлаўының жеңимпазлығы несип етти.

Олар арасында НМПИ студенти Гүлнур Сәрсенова көркем өнертаныў ҳәм музейтаныў бағдары бойынша Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы деп табылды. Г.Сәрсенова республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар, көргизбелер, илимий конференцияларда турақлы қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Атап айтқанда, институт тәрепинен шөлкемлестирилген «Innovation in teaching foreign languages: problems and perspectives» атамасындағы Орайлық Азия конференциясы ҳәм басқа да илимий илажларда өз мақалалары, сондай-ақ, Россия Федерациясының «Интернаука» халықаралық журналында «Одежда каракалпакских женщин» атамасындағы мақаласы менен қатнасып, сертификатлар менен сыйлықланды.

Жеңимпазларға «Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендиясының ийеси» гүўалығы Өзбекстан Көркем өнер академиясы тәрепинен усы жылдың 20-август күнине шекем салтанатлы түрде тапсырылады.

Мәмлекетлик стипендиясы 1-сентябрьден баслап бир оқыў жылы даўамында белгиленген муғдарда төленеди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендиясы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 21-апрельдеги «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўы нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ӨзР Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 6-ноябрьдеги қарары тийкарында шөлкемлестирилген болып, жоқары оқыў орынларында сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарында оқып атырған студентлер ушын бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.