Нөкис қаласындағы ҳуқықый жәрдемге мүтәж пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў, оларды орнында унамлы шешиў, зәрүр ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары М.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Нурлипесовлардың қатнасыўында суд-ҳуқық мәселелеринде гезектеги көшпели қабыллаў болды.
Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Алланияз Қаҳарман», « Ғәрезсизлик», «Туңғыш қоныс» ҳәм «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы пуқаралар тийкарынан қарыздарлықты өндириў, судланғанлықты алып таслаў, коммуналлық хызмет көрсетиўдеги машқалалар, қоңсылар арасындағы келиспеўшилик ҳәм басқа да мәселелерде мүрәжат етти. Пуқаралардың мүрәжаты бойынша қәнигелер ҳуқықый түсиник берип өтти.
-Судланғанлықты алып таслаў тәртиби бойынша көшпели қабыллаўға мүрәжат еттим,-дейди Нөкис қаласының турғыны Пердегүл Хожанова.-Суд басшылары маған бул бойынша толық ҳуқықый түсиник берди. Суд-ҳуқық мәселелери бойынша пуқараларға жаратылып атырған бундай имканиятлар ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Республикамыздың қала ҳәм районларында бундай көшпели қабыллаўлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги