Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-июль күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан – Тәжикстан қатнасықларының еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди көрип шықты ҳәм регионаллық бирге ислесиў бойынша пикир алысты.

Регионымызда Аўғанстан бағдарындағы жағдайдың жаманласыўы ҳәм кескинликтиң күшейиўине байланыслы жағдайдың раўажланыўына айрықша итибар қаратылды. Жақын уйымлараралық муўапықласыўды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги илажларды, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўын өткериў режесин көрип шықты.

 

ӨзА