Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен жуўапкер шөлкемлердиң тийисли усыныслары инабатқа алынып, усы жылдың 1-августынан баслап тойханаларда шаңарақлық байрам, той, мереке ҳәм мәресимлерди өткериў 50 адамнан көп болмаған (жақын ағайинлер ҳәм усы район аймағында жасаўшы басқа да туўысқанлар) және санитариялық ҳәм гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда өткериўге руқсат берилди.
Еслетип өтемиз, усы жылдың 1-апрелинен тойханаларда шаңарақлық байрам, той, мереке ҳәм мәресимлерди өткериў 100 адамнан көп болмаған және санитариялық ҳәм гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда өткерилиўи белгиленген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги