Жаз мәўсиминде көпшилик адамлар жақын жерлердеги жап-салмаларда, каналлар менен көллерде шомылыўға әдетленген. Быйыл жаздың ерте келиўи, температураның жоқары болыўы мәўсимниң ерте басланыўына себепши болды. Бирақ, пуқаралардың, әсиресе, жас өспирим балалардың ыссыға шыдамай белгиленбеген орынларда шомылыўына жол қойылмаўы керек. Бул аўыр ақыбетлерге алып келмекте.

Усы күнге шекем итибарсызлық, қадағалаўсызлық, белгиленбеген орынларда шомылыўы себепли 4 пуқара суўға кетип қайтыс болған. Соның екеўи жас өспиримлер болып есапланады.

– Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң 2021-жыл 20-майдағы арнаўлы буйрығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2021-жыл 22-январьдағы 2-санлы буйрығының 2-қосымшасы 31-бәнти ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасарының 26-май күнги «2021-жыл шомылыў мәўсими дәўиринде көл, дәрья ҳәм каналлардың акваториялары,  жасалма ҳәўизлер ҳәм шомылыў қадаған етилген аймақларда адамлардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў бойынша илажлар» Режесине муўапық бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Нөкис қаласы ҳәм районларда бул бойынша арнаўлы жумысшы топарлар дүзилди.

Нөкис қаласы ҳәм районларда канал, жап-салмалар ҳәм көллердиң бойларында халықтың суўға шомылыўы менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде, халықтың топарласып шомылыўы бақланған орынларда 68 қадаған етиўши белгилер орнатылды,-дейди  басқарманың Аймақларды инженерлик қорғаў ҳәм объектлердиң турақлы жумыс ислеўин шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы, лейтенант А.Әбдиғаниев.

Усы күнге шекем Айрықша жағдайлар басқармасы, Ишки ислер бөлими, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы, Миллий гвардия, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими ҳәм ҳәкимликлердиң жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте 131 мәрте арнаўлы рейдлер өткерилди. Рейдлер даўамында каналлардың ҳәм жап-салмалардың бойларында 222 мәрте профилактикалық сәўбетлесиўлер алып барылып, онда 3247 пуқара қатнасты. Оларға бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде арнаўлы түрде таярланған буклетлер тарқатылды.

Сондай-ақ, газета ҳәм интернет тармақларында 28, телевидениеде 7, радиода 38 мәрте шығыўлар әмелге асырылды. Күнделикли әмелге асырылған профилактикалық илажлар Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде додаланып барылмақта.

Пуқаралардың топарласып шомылыўы бақланған канал, дәрья ҳәм көллерден үлгилер алынып, жуқпалы инфекциялық кеселликлерге тексериў жумыслары жолға қойылды.

Биз пуқаралардан бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде балаларын қадағалаўсыз қалдырмаўын, белгиленбеген орынларда шомылмаўын сораймыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги