Усы жылдың 3-7-июнь күнлери Иран аймақларынан Өзбекстанға ыссы ҳаўаның кирип келиўиниң күшейиўи есабынан республикамыз аймағында температураның көтерилиўи күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Мәлим етилиўинше, усы күнлерде ҳаўаның температурасы климатлық нормалардан 7-10 градусқа жоқары болады.

 

Күндизги ўақытларда ҳаўаның температурасы 40-43 градус, шөл аймақларында 44-46 градусқа шекем ыссы болады.

 

Республика бойынша айырым жерлерде самал шаңлы боран менен 17-22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.