Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-май күни «Российские железные дороги» компаниясынының («РЖД» ОАЖ) бас директоры – басқарма баслығы Олег Белозёровты қабыллады.

Темир жол байланыслары тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары және пүткил регионның транзит потенциалын нәтийжели иске қосыўға қаратылған әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў жоллары көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы еллеримиз темир жол ҳәкимшиликлери арасында, соның ишинде халықаралық тармақ структуралары шеңберинде дәстүрий тығыз ҳәм пайдалы исбилерменлик байланыслары енгизилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Пандемия шараятында, кең араўажланған ҳәм өз-ара интеграцияласқан транспорт коммуникациялары, бәринен бурын темир жоллар коронавирус ақыбетлерине табыслы қарсы гүресиў және Өзбекстан менен Россия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң жедел пәтин сақлап қалыўға хызмет еткени атап өтилди.

Әмелий шерикликти кеңейтиў, соның ишинде, елимизде темир жоллар системасын жетилистириў бойынша бирге ислесиў, жүк тасыўлар көлемин көбейтиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, аўыл хожалығы өнимлерин тасыў, жолаўшы поездларының қатнаўын қайта тиклеў ҳәм жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық финанслық институтларды тартқан ҳалда «Мозори-Шариф-Қабул-Пешавор» темир жолын қурыў жойбарын биргеликте алға қойыў мәселеси де көрип шығылды.

Жойбарды ҳәр тәреплеме таярлаў, соның ишинде, техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қурылысты тез ўақыт ишинде баслаўға қаратылған жумысларда қатнасыў бойынша келисимге ерисилди.

«РЖД» басшысы Олег Белозёров тармақ компаниялары темир жоллар тараўындағы шерикликтиң тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асырыўда кең көлемде бирге ислесиўге таяр екенин атап өтти.

 

ӨзА