Рәсмий мағлыўматларға қарағанда, усы жыл 12-май күни республикамызда коронавирус инфекциясы менен бирлемши кеселленгенлердиң саны 234 ке жетти. Республика бойынша дизимге алынған кеселлениўшилик жағдайларының 120сы Нөкис қаласына туўра келмекте.

Биз республикамыздағы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай туўралы Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының баслығы Б.Қутлымуратов пенен сәўбетлестик.

–  Республикамыздағы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай туўралы айтсаңыз. Жасына қарай қайсы жастағылар көбирек усы кеселликке шатылып атыр?

– Республикамыздағы эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетиндеги илажлар «Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссиясы»ның тийисли қарарлары, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрықлары ҳәм көрсетпе хатлары тийкарында шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылмақта.

Коронавирус инфекциясының жуғыўын жаспа-жас таллап қарайтуғын болсақ, наўқасланғанлардан 14 жасқа шекемги болған балалар 17ге жетти. Яғный, наўқасланғанлардың 7,3 процентин қурайды. Сондай-ақ, 15-19 жастағылары 14 (6%), 20-29 жастағылары 31 (13,2%), 30-39 жастағылары 61 (26,1%), 40-49 жастағылары 45 (19,2%), 50-59 жастағылары 30 (12,8%), 60 ҳәм оннан үлкен жастағылары 36 (15,4%) ны қурайды.

Наўқаслар шөлкемлескен топарлары бойынша таллап көрилгенде 2 процентин (4 жағдай) шөлкемлеспеген бақша жасындағы балалар, 0,8 процентин (2 жағдай) шөлкемлескен бақша жасындағы балалар, 8,5 процентин (20 жағдай) оқыўшылар, 4,7 процентин (11 жағдай) оқытыўшылар, 4 процентин (9 жағдай) медицина хызметкерлери ҳәм 80 процентин (188 жағдай) басқалар қурайды.

Вирусология лабораториялары тәрепинен бирлемши коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслардың күнлик дизими жәмленип, анықланған кеселлик ошақларында эпидемиологиялық ҳәм профилактикалық илажлар өз ўақтында әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, наўқаслардың жасаў ҳәм жумыс орынларында жақын қатнаста болған пуқаралардың дизими алынып, оларды карантинге алыў илажлары көрилмекте.

Жыл басынан усы күнге шекем республикамыз аймағында сырт мәмлекетлерден келген ҳәм наўқаслар менен жақын қатнаста болған 9509 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынды. Соннан 9337 (98,2%) пуқарада кеселлик анықланбағанлығы себепли медициналық бақлаўдан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 172 (1,8%) пуқарада үй шараятында медициналық бақлаў жумыслары даўам етпекте.

Шөлкемлеспеген топарларда анықланған кеселлениў жағдайлары бойынша усы жылдың 11-май жағдайына 2 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси (2 жағдай), 16 улыўма билим бериў мектеби (24 жағдай), 1 орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси (1 жағдай) ҳәм 2 жоқары оқыў орнының (5 жағдай) тиккелей жумыс ислеўи ўақтынша тоқтатылып, онлайн оқытыў режимине өткерилди.

– Медицина хызметкерлерине усы кеселлик пенен гүресиў жумысларының нәтийжелилиги ҳәм сапасын арттырыў ушын шараятлар жаратылып атыр ма?

– Коронавирус кеселлигин ерте анықлаў ҳәм анық диагноз қойыў бойынша бүгинги күнде 14 вирусологиялық лабораторияларда (9 мәмлекетлик 5 жеке меншик медициналық клиникалар) полимераза шынжыр реакция усылында медициналық тексериў жумысларын әмелге асырыў имканиятлары бар. Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының вирусология лабораториясы 3 дана ПШР үскенеси менен тәмийинленген болып, усы жыл 21-май күнги жағдайына қалдықта 12900 дана тест системаларының қоры бар.

Бүгинги күнде республикамыздағы вирусология лабораторияларында ҳәр күни орташа 3000нан аслам анализлерди тексериў ҳәм сол күнниң өзинде анализ нәтийжелерин алыў мүмкиншилиги жаратылған. Усы лабораториялар тәрепинен бүгинги күнге шекем 323 мыңнан аслам пуқаралардың анализлери коронавирус инфекциясына тексерилди.

Сондай-ақ, наўқасларды сапалы түрде түрде емлеў ҳәм саўалландырыў мақсетинде республикамыз бойынша жәми 31 орында, соннан 17 медицина бирлеспелеринде ҳәм 14 арнаўлы емлеў орынларында 4170 наўқас орны таяр жағдайға келтирилди. Ҳәзирги күнде наўқасларды емлеў ушын Республика балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 25 наўқас орны ислеп турыпты.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 5 орында кислород станцияларын қурыў режелестирилген болып, соннан 2 кислород станциясы қурылып (Беруний РМБ, Республика қыстаўлы медициналық жәрдем орайы) пайдаланыўға тапсырылды. Және 3 орында (арнаўлы емлеўхана, Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасы, Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы) монтажлаў жумыслары алып барылып, жақын арада пайдаланыў ушын тапсырылыўы режелестирилген.

– Ҳәзирги ўақытта COVID-19 ға қарсы ғалаба шаншыў илажлары вакциналардың қайсы түрлери менен өткерилип атыр, ҳәммеге жетип атыр ма ҳәм қашанға шекем алып барылады?

– Кеселликтиң алдын алыўдың ең нәтийжели усылларының бири бул кеселликке қарсы шаншыў болып есапланады. Усыған тийкарланып шаншыў илажлары республикамыз аймағында усы жылдың 1-апрель күнинен баслап жиберилди.

Бул жумыслар жәми 155 емлеў пунктлеринде әмелге асырылып атырған болып, бул пунктлерде 981 медицина хызметкери қатнаспақта.

– Шаншыў илажларын төлемли ҳәм төлемсиз  өткериў ҳаққында түсиник берип өтсеңиз?

– Республикамыз аймағында коронавирус инфекциясына қарсы профилактикалық шаншыў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде 32000 доза Astra Zeneka, 90800 доза ZF-UZ-VAC 2001 (Қытай-Өзбекстан қоспа вакцинасы) ҳәм 900 доза Гам-КОВИД-Вак вакцинасы алып келинди. Шаншыў жумыслары әмелге асырылатуғын жәми 283285 пуқара дизимге алынып, кеселликке қарсы шаншыў ықтыярый түрде бийпул әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына муўапық, тийисли тәртипте шаншыўды өткериў тәртиби қабыл етилген болып, дәслеп 65 жастан үлкен жастағыларды, соң медицина хызметкерлерин, созылмалы кеселликлери бар адамларды, Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин, журналистлер, блогерлер ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин, транспорт хызметкерлерин (аэропорт, темир жол вокзаллары), мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеўшилерди, сырт еллерде билим алып атырған студентлерди, мийнет мигрантларын гезек пенен шаншыў режелестирилген.

Усы жыл 11-май жағдайына республика бойынша 59811 пуқара кеселликке қарсы шаншылды.

«Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссиясы»ның тийисли қарары менен шаншыў режесине киргизилмеген пуқаралар кеселликке қарсы емлениўди қәлесе жеке тәртипте жумыс ислеўши медицина мәкемелеринде өз есабынан төлемли түрде шаншылыўы көрсетип өтилген. Бирақ, бүгинги күнде республикамыз аймағында жайласқан жеке тәртипте жумыс ислеўши медицина мәкемелери тәрепинен коронавирус инфекциясы кеселлигине пуқараларды төлемли усылда шаншыў хызмети жолға қойылмағаны себепли тек ғана режеге киргизилген пуқаралар бийпул шаншылмақта.

– Карантин қағыйдаларын бузған пуқараларға қандай шаралар көрилмекте?

– Ҳәзирги ўақытта республикамызда коронавирус инфекциясы себепли енгизилген карантин қағыйдаларын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде халық көп топланатуғын жәмийетлик орынларда санитариялық-эпидемиологиялық хызмет, ишки ислер ҳәм миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен биргеликтеги рейд илажлары шөлкемлестирилмекте.  Рейдлер нәтийжесинде пуқаралар тәрепинен әмелдеги карантин қағыйдаларына бойсынбаў жағдайлары анықланғанда, бул ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен ҳәкимшилик шаралар қолланылыўына себеп болады.

Коронавирус инфекциясының мәўсим басынан 11-май күнине шекем ишки ислер хызметкерлери тәрепинен жәми 26833 пуқараға ҳәкимшилик, 2 пуқараға жынайый шаралар қолланылған. Соннан, 26274 пуқараға медициналық нықапсыз жәмийетлик орынларда ҳәрекетленгени, 35 пуқараға той-мәресимлерге енгизилген тәртип-қағыйдаларға әмел етпегени, 516 пуқараға басқа да карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара қолланылған.

Профилактикалық илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов сәўбетлести

Қарақалпақстан хабар агентлиги